Бурын хабар еткенимиздей, республикамызда еки күн даўамында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық халықаралық фестивалы, «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы болып өтти.

Фестиваль 19-октябрь күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Қубла Арал әтирапы-инновациялық раўажланыў аймағы» темасындағы халықаралық илимий конференция менен ашылды. Күнниң екинши ярымында  қатнасыўшыларға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында белгили жазыўшы Ш.Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан Тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектакли қойып берилди.

Илаждың екинши күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейиниң «Мойнақ экомузейи» филиалының ашылыў салтанаты менен басланды. Онда район ҳәкими С.Данияров, Өзбекстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары К.Акилова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға  тоқтап өтти.

Буннан кейин райондағы «Көксуў» көлиниң бойында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық халықаралық фестивальдың ашылыў салтанаты болды.  Илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов ҳәм басқалар қутлықлап, Президентимиздиң тиккелей басламасы менен екинши мәрте өткерилип атырған бул фестивальдың әҳмийетине тоқтап өтти.

Республикамыздың барлық районларынан, қоңсылас ўәлаятлардан келген мийманлар, Россия Федерациясы, Франция, Германия, Польша ҳәм басқа да бир қатар сырт еллерден келген туристлер бул жерде ҳақыйқый байрам тамашаларының гүўасы болды. Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларының, Нөкис қаласындағы бир қатар ресторанлардың, республикамыздың барлық районларының аспазлары, балық тағамларын таярлаўда тәжирийбеге ийе үй бийкелери тәрепинен түрли тағамлар таярланып, олар төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды. Халық талантлылары тәрепинен атқарылған миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар, өнерментлер тәрепинен исленген буйымлардың көргизбеси қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

-Бул фестиваль Россия Федерациясының Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға сапары шеңберинде өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли,-дейди «Зарубежнефтегаз операциялық компаниясы-Орайлық Азия ГПД» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бас директорының биринши орынбасары, техникалық директоры Ринат Ибрагимов.- Жәҳән жәмийетшилигиниң дыққат орайында болған бул сапар етиў даўамында нефть ҳәм газ тараўында да узақ жыллық бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилиўи халықларымыз арасындағы дослық байланыслардың еле де беккемлениўине хызмет етеди.

Илаж күнниң екинши ярымында район орайындағы Ашық аспан астындағы «Кемелер музейи» жанында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экофестивалы менен даўам етти. Жыйналғанлар Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң белгили хужожниклери менен бир қатарда Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының «Арал мениң тәғдиримде» темасындағы шығармаларының, сондай-ақ, миллий өнертментшилик, қол мийнети үлгилериниң көргизбеси менен танысты.

Бул жерге орнатылған үлкен сахнада Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық, «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» халықаралық экология фестивальларының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Онда «Ең жақсы аспаз» бағдары бойынша биринши орынды Шымбай районынан Алтынай Зәрипова, екинши орынды Хорезм ўәлаятынан Фурхад Навватов, үшинши орынды Мойнақ районынан Халифа Жапарова ийелеген болса,  «Ең жақсы ресторан» бағдары бойынша Нөкис районындағы «Ата мәкан» рестораны биринши, Елликқала районындағы «Қарақалпақ тағамлары» рестораны екинши, Нөкис қаласындағы «Қарақалпағым»  рестораны үшинши, экофестиваль бағдары бойынша Диляфруз Халилаева биринши, Әзима Қалбаева екинши, Гүлмийра Әлаўатдинова үшинши орынларды ийеледи. Сондай-ақ, «Балық тағамларының ең жақсы рецепти», «Балық тағамын ең жақсы безегени ушын», «Балық тағамларын таярлаўда ең тәжирийбели үй бийкеси», «Балық тағамларын таярлаўда ең жас аспаз», «Ең жақсы тәбийғый өним ислеўши өнермент», «Ең жақсы сувенир ислеўши өнермент», «Миллийлигимизди сәўлелендириўши ең жақсы өнермент» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

-Теңиздиң ески жағасында Халықаралық аспазлар күни өткерилген бул илаж бизде айрықша тәсир қалдырды,-дейди Бухара ўәлаяты Жандор районының «Жандор» фольклор халық ансамблиниң көркемлик жақтан басшысы Шаҳобжан Жураев.-Балық тағамларының инсан саламатлығына пайдасы туўралы таярлап келген сахналық көринисимиз тамашагөйлер тәрепинен жақсы күтип алынды.

Илаж «Қур» әтирапында бақсы-жыраўлар, фольклор ансамбльлериниң атқарыўында дәстанлардан үзиндилер, қыз-жигитлер айтысы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

  (М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери).