Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте «Өзбекстан-Россия» аймақлараралық форумы шөлкемлестирилди. «Өзэкспоорай»да болып өткен форумда Россия аймақлары, жетекши компаниялары менен өндирис кәрханаларының басшылары-жәми мыңнан аслам адам қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Президенти Владимир Путин бул форумға келди.

Биз стратегиялық шеригимиз ҳәм аўқамласымыз-Россия Федерациясы менен турақлы ҳәм исенимли қатнасықларымызды жоқары қәдирлеймиз. Бул форумның жоқары абырайы ҳәм жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени еки тәреп те бирге ислесиўден мәпдар екениниң, бул бағдарда үлкен потенциал бар екенлигиниң және бир айқын дәлийли, деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан ҳәм Россия аймақлараралық байланысларға үлкен әҳмийет қаратпақта. Кейинги ўақытта бул және жеделлести. Өз-ара 40 тан  аслам сапар етиў шөлкемлестирилди. Сентябрь-октябрь айларының өзинде Өзбекстанның 14 аймағының басшылары Россияның 26 субъектинде болып қайтты. Соның нәтийжесинде өним жеткерип бериў ушын жаңа базарларға жол ашылды, жумыс орынлары жаратылды, халық ушын қосымша дәрамат дәреги пайда болды.

Президент Шавкат Мирзиёев бирге ислеисўдиң анық бағдарларын мине усы аймақлардың басшылары ҳәм исбилерменлери белгилейтуғынын атап өтти. Жоқары технологиялы бирликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў, өтимли өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм үшинши еллердиң базарын өзлестириў ушын кооперацияны кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Аймақлар арасындағы көп қырлы байланыслар еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли буўыны болып есапланады. Сонлықтан, Президент Шавкат Мирзиёевтиң бул форумды Ташкентте ҳәм әйне усы сапар етиў шеңберинде өткериў басламасын қанаатланыўшылық пенен қоллап-қуўатладық, деди Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин.

Ерисилген келисимлерге муўапық, Россияның Иваново ўәлаяты компанияларының қатнасыўында елимизде бирликтеги тоқымашылық кластерлери, Москва базарларына мийўе-овощ жеткерип бериў ушын Сурхандәрья ўәлаятында заманагөй агрокомплекс, Свердловск ўәлаяты менен биргеликте Қашқадәрья ўәлаятында жеңил ҳәм аўыр металл конструкциялар заводы, татарстанлы шериклер менен биргеликте Ташкент ўәлаятында химиялық төгинлер ҳәм Қарақалпақстанда фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестириў, сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериўде Москва, Башқуртстан, Оренбург ҳәм Россияның басқа субъектлериндеги көтере саўда-бөлистириў орайларының инфраструктурасынан пайдаланыў режелестирилмекте. Бундай жойбарлар жүдә көп.

Ең әҳмийетлиси, еки елдиң аймақлары арасында беккем ҳәм узақ мүддетли шериклик қатнасықлары қәлиплести.

Форумда исбилерменлер арасындағы бирге ислесиўдиң әмелий мәселелери, анық жойбарлар менен бағдарламалар додаланды. Олардың нәтийжесинде улыўмалық қуны 2 миллиард долларлық келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.

Президентимиз Аймақлараралық бирге ислесиў форумын ҳәр жылы өткериў усынысын алға қойды.

Россия Президенти Аймақлараралық форум ҳәр жылы өткерилиўи еллеримиз арасында бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қосатуғынын, биринши гезекте, саўда-экономикалық, гуманитар байланысларды раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

«Өзэкспоорай» да елимиздеги биринши атом электр станциясы қурылысы жойбарының баслыныўына бағышланған салтанатлы мәресим де болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин рәмзий түймени басып, бул ири жойбарға старт берди.

Илажды видеобайланыс арқалы бақлап турған «Өзатом» агентлиги ҳәм «Росатом» мәмлекетлик корпорациясының қәнигелери Өзбекстанда биринши атом электр станциясының қурылыс майданын таңлаў ушын инженерлик изертлеўлер басланғанын жәриялады.

Бүгин биз Россия Федерациясы менен бирге ислесиўдиң жаңа стратегиялық бағдары – атом энергетикасын раўажландырыўға қол урмақтамыз. Бул жойбар елимиздиң экономикасында жаңа тармақты жүзеге келтиреди. Бул өндирис потенциалын буннан былай да раўажландырыў ҳәм экономикамыздың түрли тармақларында жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына муўапық, атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў ушын Министрлер Кабинети жанында Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Сырт ел жойбарларының саны ҳәм көлеми бойынша дүньяда биринши орында туратуғын – 12 елде 34 энергоблок қурған «Росатом» корпорациясы менен Өзбекстанда атом электр станциясын қурыў ҳаққында келисимге ерисилди. Бул станция ҳәр бири 1 мың 200 мегаватт еки, «3+» әўладына тийисли ең заманагөй ҳәм қәўипсиз энергия блогынан ибарат болады. Олар Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң барлық қәўипсизлик талапларына жуўап береди.

Атом энергиясы экологиялық таза болып, бундай станциялар ийис газин пайда етпейди. Атом электр станциясының иске қосылыўы нәтийжесинде үлкен муғдардағы тәбийғый газ үнемленеди, атмосфераға карбонад ангидрид шығарылыўы жылына  14 миллион тоннаға шекем, азот оксидлериниң шығарылыўы 36 мың тоннаға азаяды.

Өзбекстан халықаралық атом энергиясы агентлигине ағза мәмлекет сыпатында өз мойнына алған миннетлемелерине муўапық ядролық қәўипсизлик мәселелерине үлкен итибар қаратпақта. Бул жойбарды әмелге асырыўда АЭС қурылысы бойынша барлық халықаралық талапларға қатаң әмел етиледи.

Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң қәнигелери Өзбекстанның Атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў миллий бағдарламасын әмелге асырыў бойынша басламасын қоллап-қуўатлады ҳәм оны жүзеге шығарыўда ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.

Бурын ерисилген келисимлерге муўапық, Ташкентте «Москва инженерлик-физика институты» миллий изертлеў ядро университети» ниң филиалын ашыўға байланыслы қарар қабыл етилди. Ендиги оқыў жылында бул филиал биринши студентлерди қабыллайды.

Быйылғы оқыў жылынан баслап 30 өзбекстанлы студент Москвадағы усы абырайлы жоқары билимлендириў орнында билим алмақта. Оны питкергеннен соң, студентлеримиз жоқары маман қәниге болып жетиседи ҳәм атом электр станциясының қәўипсиз ислеўин тәмийинлейди.

ӨзА