23-октябрь күни саат 17:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында қырғызстанлы дүньяға белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың «Жәмийла» повести тийкарында сахналастырылған «Жәмийла» спектаклиниң премьерасы болып өтеди.

«Жәмийла» спектакли театрдың талантлы актёры ҳәм режиссёры Мархабай Үсенов тәрепинен сахналастырылды. Шығармада сөз етилген дәўир көринислерин бериў ушын художник Заўқы Сайыпов жемисли мийнет етти. Спектакльде белгили драматург ҳәм шайыр Кеңесбай Рахмановтың қосықларынан пайдаланылды.

Мағлыўмат ушын, Шыңғыс Айтматовтың «Жәмийла» повести 1958-жылы жазылған болып, дүньяның 40 тан аслам тиллерине аўдармаланған. Белгили француз әдебиятшысы Луи Арагонның сөзи менен айтқанда: «Муҳаббат ҳаққында жазылған дүньядағы ең әжайып шығарма» болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.