Халықаралық мийнет шөлкеминиң басламасы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң жәрдеминде Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары (сырт ел жоқары оқыў орынлары филиалларында да) арасында «Заковат» интеллектуал ойыны шеңберинде мийнет ҳуқықларына арналған «Студентлер кубоги» шөлкемлестириледи.

Турнирде ҳәр бир жоқары оқыў орнынан 7 адамнан ибарат болған бир команда қатнасады.

Интеллектуал турнир 2 басқышта болып өтеди:

1-басқыш – регионаллық басқыш;

2-басқыш – республикалық басқыш.

Регионаллық сайлап алыў басқышында республика бойлап 4 регион шеңберинде командалар өз ара күш сынасады. Булар төмендегилер:

1-регион – Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Жиззах;

2-регион – Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы, Хорезм;

3-регион – Ферғана, Әндижан, Наманган;

4-регион – Ташкент қаласы, Сырдәрья, Ташкент ўәлаяты.

Регионаллық сайлап алыў басқышы төмендеги сәнелерде болып өтеди:

Самарқанд қаласында – 29-октябрь

Бухара қаласында – 31-октябрь

Ферғана қаласында – 2-ноябрь

Ташкент қаласында – 4-ноябрь

Ташкент регионында өткерилген сайлап алыў басқышында дәслепки 6 орын, қалған ҳәр бир регионаллық сайлап алыў басқышында дәслепки 3 орынды ийелеген командалар республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизеди.

Республикалық басқыш ноябрь айында Ташкент қаласында болып өтеди ҳәм онда 15 команда қатнасады.

Республикалық басқышта чемпион болған команданың барлық 7 студенти Италияның Турин қаласында болып өтетуғын 1 ҳәптелик оқыў семинары ушын бийпул жолламаға ийе болады.

Сондай-ақ, республикада чемпион болған ЖОО командасы «Заковат» интеллектуал көрсетиўиниң экран арқалы болып өтетуғын ойынларында қатнасады.

Регионларда жеңимпаз болған ЖОО командалары болса экран арқалы болып өтетуғын «Урфон-шоу» интеллектуал көрсетиўинде қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди.

Турнирде қатнасыўды қәлеген ЖООлар усы жылдың 24-октябрь сәнесине шекем шөлкемлестириў комитетине арза ҳәм команданың қурамы және команда устазы ҳаққындағы мағлыўматларды zakovatturniri@gmail.com электрон мәнзилине жибериўи керек.

Турнирдиң Уставын (режесин) ҳәм арзаның үлгисин усы жерден жүклеп алыўыңызға болады.

Турнирдиң барлық қәрежетлери (соның ишинде, қатнасыўшылардың транспорт ҳәм мийманхана қәрежетлери де) Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен төленеди.

Студентлер арасындағы дәслепки үлкен интеллектуал турдирде қатнасың!

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.