Жаслардың терең руўхый дүньясы бай, жоқары интеллектуаллық потенициал ийеси болып камалға келиўи көп жағынан пидайы устазларға, кәсибине садық оқытыўшыларға, жанкүйер тренерлерге байланыслы. Елимизде 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни кең түрде белгиленип атырған усы күнлерде сол тәреплери және бир мәрте өзиниң айқын көринисин таппақта.
Улыўма халықлық байрам қарсаңында пайтахтымызға елимиздеги билимлендириў мәкемелериниң алдынғы оқытыўшылары, илимпазлар, руўхый үгит-нәсиятшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери мирәт етилди. Болып өтип атырған ушырасыўлар, сөйлесиўлер ҳәм әнжуманлар процесинде нәўқыран әўладқа тыянақлы билим бериўде, оларды уллы бабаларымызға мүнәсип инсанлар етип тәрбиялаўда, миллий турмыс тәризимизге, руўхыйлығымызға қарсы ҳәм зыянлы болған идеялар тәсиринен иненимли қорғаўда педагоглардың парызы менен жуўапкершилиги ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынбақта.
Илаж қатнасыўшылары 29–сентябрь күни пайтахтымыздағы Мустақиллиқ майданында болып еркинлигимиздиң, айдын келешегимиздиң ҳәм жақсы арзыў-нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүллер қойды. Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигине гүл қойып Уллы Жолбасшымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти. Муғаллимлер ҳәм устазлар қаламыздағы ағартыўшылық орынлар, соның ишинде, Өзбекистан тарийхы мәмлекетлик музейи менен танысты.
Усы күни пайтахтымыздағы «Түркстан» сарайында улыўмахалықлық байрамға бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти. Оған сенаторлар, депутатлар, Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Мәденият министрликлериниң хызметкерлери, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, мектеплер, академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң педагоглары, спорт тренерлери қатнасты.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекистан муғаллимлери ҳәм устазларына байрам қутлықлаўын Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султанов оқып еситтирди.
Ғәрезсизлик жылларында Биринши Президентимиз Ислам Кәримов тәрепинен билимлендириў саласын түп-тийкарынан реформалаў, елимиз жасларын ҳеш кимнен кем болмаған, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм еркин ой-өрисли инсанлар етип камалға келтириў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири етип белгиленди. Бул тараўдағы ис-ҳәрекетлер бүгин де избе-из, тез пәт пенен раўажланып атырған дәўир талабына үнлес тәризде даўам еттирилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында үзликсиз билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, оқыў орынларын қурыў, реконструкциялаў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў, улыўма орта билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпаларды турмысқа избе-из енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бул процессте оқыў-ағартыўшылық реформаларының халқымыздың, әсиресе, ата-аналардың, педагоглардың, оқыўшы жаслардың, кең жәмийетшиликтиң арзыў-нийетлерине, мақсет-муратларына сәйкес болыўын толық тәмийинлеўге ерисилип атырғаны оқыўшылардың билим алыўға болған қызығыўшылығы менен умтылысын күшейтиў, оларды түрли идеялық қәўиплерден қорғаўда әҳмийетли фактор болмақта. Бул ҳәрекетлер улыўма орта билим бериў мектеплеринде жаңа оқыў жылынан баслап 10-класслардың шөлкемлестирилгени, оқыўшылардың умтылыўына қарап олар мектеп, колледж ямаса лицейлерде билим алыўды даўам еттириўи ушын кең имканиятлар жаратылғанында айқын көринбекте.
Тараўда қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлерине муўапық сапалы билимлендириў имканиятларын арттырыў, мийнет базарының заманагөй талапларына сәйкес жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў, мектепке шекемги билимлендириў дәргайларының тармағын кеңейтиў, оларда балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын шараятларды жақсылаў, улыўма орта билим бериўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў бойынша системалы жумыслар орынланбақта.
Педагогика саласында улыўма орта билим бериў мектеплери ушын мақсетли кадрлар таярлаў, онда оқытыўдың сыртқы түринен кеңнен пайдаланыўға, елимиздиң алыс аймақларының мектеплерин жоқары маманлықтағы оқытыўшылар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Шыршық қаласында педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемесиниң шөлкемлестирилиўи оқытыўшы кадрларды таярлаў, орынларда усы кәсип ийелерине болған талапты еле де толық қанаатландырыў жолындағы және бир әмелий қәдем болды.
Президентимиздиң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истъедод» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў, жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажларына байланыслы әмелий басламалары жоқары кәсиплик потенциалға ийе болған оқытыўшылар қатарының кеңейиўинде әҳмийетли фактор болмақта.
Мәмлекетимиз басшысының БМШтың Бас Ассамблиясының 72-сессиясында жас әўладтың тәлим-тәрбиясы, ҳуқықлары менен мәплери социаллық қорғаўы, олардың келешеги ҳаққында билдирген әмелий усыныслары елимизде жасларға қаратылып атырған үлкен итибардың және бир әмелий көриниси болып табылады. Терең талқылаў-илимий көз-қарасларға тийкарланған бул идея ҳәм басламалар елимиздиң педагогларын жас әўладтың тәрбиясына ҳәр қашанғыдан да жоқары жуўапкершилик, еле де сергеклик ҳәм қырағылық пенен қараўға шақырмақта.
Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен педагоглардың кәсиплик потенциалын арттырыў, оларды өзиниң үстинде көбирек ислеўге, излениўге байланыслы бир қатар ағартыўшылық жойбарлар, дөретиўшилик таңлаўлар, пән оқытыўшыларының әнжуманлары өткерилмекте. «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы», «Жылдың ең жақсы мектеби», «Жылдың ең жақсы психологы», «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» сыяқлы таңлаўлар тараўдағы алдыңғы жумыс тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў, пидайы устазларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли фактор болмақта.
Президентимиздиң 2017-жыл 27-сентябрьдеги пәрманына муўапық тәлим-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топары Ўатанымыздың ҳүрметли атақлары, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды.
Илажда Халық билимлендириў министрлигиниң «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы», жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң «Жоқары билимлендириў мәкемесиниң ең жақсы педагогы» таңлаўларының жеңимпазлары және орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң белсенди педагоглары диплом ҳәм сыйлықлар менен сыйлықланды.
Мәжилисте шығып сөйлеген Ташкент ўәлаятының Чиназ районындағы 40-санлы мектептиң оқытыўшысы Раъно Фозилова, Бокс бойынша Өзбекистан миллий сайланды командасының ағзасы, Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси, жәҳән чемпионы Шаҳрам Ғиёсов елимизде жаслардың камалға келиўинде көрсетилип атырған шексиз ғамқорлықлар, оқытыўшылық кәсибин қәдирлеў бағдарындағы әмелий итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. «Ёшлик» журналының бас редакторы, шайыр Нодир Жонузоқ устаз ҳәм муғаллимлерге бағышланған қосығын оқып берди.
Көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы концерт бағдарламасы көрсетилди.
Илажға Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов, Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңейгөйи А.Юнусходжаев қатнасты.
Назокат УСМАНОВА,
ӨзА ның хабаршысы