Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлим етиўинше, басқарманың Нөкис қалалық бөлими электр ҳәм газ тәмийнаты тараўында ҳуқықбузылыўшылыққа қарсы гүресиў бөлими тәрепинен 2017-жыл 26-сентябрь күни Нөкис қаласында жайласқан «Gabit kurilis servis» ЖШЖне қараслы гербиш өндириў цехында тексериў өткерилгенде «Gabit kurilis servis» жәмийети баслығы Н.Шынтасов тәрепинен газ тармақларына нызамсыз рәўиште жалғанып, ҳеш бир ҳүжжетсиз қурылған 1 дана 12 камералы гербиш өндириў қумбызы ҳәм 4 дана қолдан жасалған «горелка»лардан пайдаланғанлығы анықланған ҳәм бул бойынша нызамбузылыўшылық акти рәсмийлестирилген.
Усы акт тийкарында 27-сентябрь күни аға инспектор Қ.Жумағулов мәмлекетке жеткерген зыянды анықлаў мақсетинде «Шимолгаз кәрханасы» республикалық филиалының қәнигелери менен биргеликте жәмийетке барғанында жәмийет басшысы Н.Шынтасов дүзилген ҳүжжетлерди жоқ етиў ямаса анықланған зыянды кемейтип көрсетиў ушын аға инспектор Қ.Жумағуловқа 50 миллион сум пулды пара ретинде бериўди усыныс етеди. Сол күнниң өзинде аға инспектор Қ.Жумағулов басқарма баслығының атына билдириў менен мүрәжат етеди. Мәлимлемеде Н.Шынтасов тәрепинен оған көп муғдарда пара усыныс етилгенлиги ҳаққында билдирип, екеўиниң арасында болып өткен сәўбеттиң аудиожазыўын да усынады.
Усы ҳүжжет тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының республикалық басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж нәтийжесинде «Gabit kurilis servis» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Н.Шынтасов аға инспектор Қ.Жумағуловқа оның басқарыўындағы автомашинасында 50 миллион сумның бир бөлеги, яғный 20 миллион сумды, ҳәр бир АҚШ долларын 8000 сумнан есаплап, жәми 2500 АҚШ долларын пара ретинде берген ўақтында иркилген.
Бул жағдай бойынша «Gabit kurilis servis» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Н.Шынтасовқа Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 211-статьясы 2-бөлими «б» бәнти менен жынаятлы ис қозғатылып, ол Жынаят Процессуал кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланды.
Ҳәзирги ўақытта бул жынаятлы ис бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Еслетип өтемиз, усы материал Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматнамасы тийкарында таярланды.
Оператив илаждан фотолар
Қарақалпақстан хабар агентлиги