«Жәмийетлик пикир» жәмийетшилик пикирин үйрениў орайы тәрепинен «Өзбекстан пуқаралары елимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳаққында» атамасында социаллық өткерилди.
Оннан гөзленген мақсет, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бул ҳүжжетте белгилеп берилген ўазыйпаларды әмелге асырыў нәтийжелилиги ҳаққында жәмийетлик пикирди анықлаўдан ибарат.
Сораўда елимиздиң барлық аймақларынан ҳәр қыйлы кәсип ийелери, жаслар ҳәм үлкен жастағы пуқаралар, түрли миллет ҳәм конфессия ўәкиллери қатнасты. Бул нәтийжелердиң жоқары дәрежеде исенимли болыўын тәмийинледи.
Социаллық сораўдың өзине тән қәсийети, ол пуқаралардың Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжаты шеңберинде Өзбекстанды социаллық-экономикалық ҳәм сиясий раўажландырыў жолында әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм олардың әмелге асырылыўына тосқынлық етип атырған факторларға толық баҳасы болып есапланады.
Сораўдың нәтийжелери пуқараларымыз тәрепинен Мүрәжат шеңберинде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларды толық қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек бермекте. Халықтың үштен бир бөлегинен артығы (34,9 процент) мәмлекетлик басқарыў системасының белгили ўәкилликлерин республикалық уйымларынан ҳәм басқармаларынан ўәлаятларға, қалаларға, районларға өткерген ҳалда реформалаў тез пәтлерде әмелге асырылмақта, деп есаплайды. Пуқаралар шынында да өткир машқалалар өз шешимин таўып атырғанын сезип атырғаны, ҳәтте қурамалы мәселелерди де өз орнында шешиў мүмкинлигине исенетуғынын атап өтти.
Социаллық сораў мәмлекетлик басқарыў системасын реформалаў ҳәм жергиликли ҳәкимят уйымалрына ўәкиллик бериўге тосқынлық етип атырған тийкарғы себеплерди анықлап берди. Бюрократиялық тосқынлықлардың бар екенлиги, қәнигели ҳәм интакер қадрлардың жетиспеўи, айырым лаўазымлы шахслардың өзгерислерге таяр емеслиги, айырым жергиликли ҳәкимят уйымлары хызметкерлериниң халық машқалаларына немқурайдылығы усылар қатарына киреди.
Мониторинг пуқаралардың объектив баҳасы тийкарында Олий Мажлиске Мүрәжатында МКШны қоллап-қуўатлаў ҳәм пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў бойынша белгилеп қойылған илажларды әмелге асырыў пәтлериниң унамлы динамикасын анықлады. Бирақ, пуқаралардың 32,9 проценти пуқаралық жәмийетлериниң әстен раўажланып атырғаны, көплеген МКШлар тек ҳүжжетлерде ғана бар екенлиги, ҳүкиметлик емес сектордың талап дәрежесинде раўажланбай атырғанын атап өтпекте. МКШлардың жәмийеттиң әҳмийетли социаллық машқалаларын шешиўдеги роли ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен бар машқалаларды сапластырыў бойынша өз-ара бирге ислесиўи жетерли дәрежеде емес.
Пуқаралардың ярымынан көби (61,9 процент) елимизде пуқаралық институтларын раўажландырыў, жәмийетлик турмыстың түрли тараўларын демократияластырыўдағы ҳәм либералластырыўдағы ролин артырыў жолындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў ушын жәмийетте сиясий ҳәм ҳуқықый мәденият, социаллық жуўапкершиликти арттырыў бойынша әмелий илажлар көриў зәрүр, деп есаплайды. 56,4 процент респонденттиң пикиринше, МКШ жумысын оптималластырыў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының белсендилгин арттырыў ушын социаллық әҳмийетке ийе мәселелерди шешиўге халықтың кең қатламын тартыў зәрүр.
Пуқаралардың пикиринше, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Мәмлекетти демократиялық жаңалаў процесинде пуқаралық жәмийети институтларының ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы МКШлардың жумысын жетилистириў, пуқаралардың социаллық машқалаларын кең бағдарларда шешиў бойынша мәмлекетлик ҳәм пуқаралық жәмийети арасында әмелий қарым-қатнасты жолға қойыў имканиятын береди.
Респондентлердиң 40,1 проценти суд-ҳуқық системасын молернизациялаў орташа әмелге асырылмақта, деп есаплайды. 61,9 процент пуқаралардың пикиринше, суд-ҳуқық системасын реформалаў процесине айырым лаўазымлы шахслар тәрепинен хызмет дәрежесинен пайдаланыў тосық болмақта. Суд-ҳуқық реформаларының табыслы әмелге асырылыўы жолындағы тосықлар сыпатында суд-ҳуқық системасының хызметкерлериниң маманлығы жетерли дәрежеде емеслиги, бюрократизм, жыллар даўамында қәлиплескен системаны өзгертиўди қәлемеў жағдайлары көрсетилди. Сондай-ақ, суд-ҳуқық реформаларының әмелге асырылыўына айырым халық қатламларының ҳуқықый мәдениятының ҳәм билим дәрежесиниң талап дәрежеде емеслиги тосқынлық етпекте.
Елимизде экономиканы раўажландырыў ҳәм либералластырыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў, исбилерменлерге мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў механизмлерин әпиўайыластырыўға бағдарланған илажларды әмелге асырыў пәтлерин унамлы баҳалап атырған пуқаралар санының өсиў тенденциялары анықланды. Пуқаралардың 46,4 процентиниң пикиринше, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў, тараўда бар тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменликти раўажландырыў жолындағы артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға бағдарланған илажлар тез пәтлерде әмелге асырылмақта.
Пуқаралардың 61,1 процентиниң пикиринше бизнес тараўының ўәкиллеринде ҳуқықый билимлердиң жетерли емеслиги экономиканы либералластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў жолындағы тийкарғы тосқынлық болып есапланады. Исбилерменлердиң көпшилиги нызамшылықты жақсы билмейди, хожалық жумысын нызамлы әмелге асырыў усылларын жетерли дәрежеде түсинип жетпейди.
Сораў қатнасыўшылары бюрократизм ҳәм айырым хызметкерлердиң бар системаны реформалаўға қарсылық көрсетиўи, заман талапларына муўапық өзгерислерди ҳәм жаңаша ислесиўди қәлемеўи, кадрлар қәнигелигиниң жетерли емеслиги, экономиканы және де раўажландырыўға жол бермей атырған себеплер сыпатында атап өтти.
Сораў нәтийжелерине муўапық, елимизде пуқаралар мәпин тәмийинлеў, халықты мәнзилли социаллық қорғаў бойынша нәтийжели илажлар әмелге асырылмақта. Бүгин пуқаралар социаллық тараўда жүз берип атырған унамлы өзгерислерди сезбекте. Булар халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў, жол-транспорт, инженерлик-коммуникация ҳәм социаллық инфраструктураларды раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, халықтың абаданлығын арттырыў болып есапланады.
Пуқаралардың пикиринше, белгиленген перспективалы бағдарларды әмелге асыра алатуғын профессионал кадрлардың жетиспеўи социаллық тараўды модернизациялаўға тосқынлық етпекте.
Сораў шеңберинде пуқаралар (37,9 проценти) ҳәмийше заман талапларына сай болмаған медициналық хызмет көрсетиў дәрежесинен ҳәм сапасынан қанаатланбай атырғанлығын атап өткен. Денсаўлықты сақлаў системасында реформаларды әмелге асырыўды кейинге сүрип атырған тийкарғы факторлар айырым медицина хызметкерлеринде кәсиплик маманлықтың жетиспеўшилиги, медицина мәкемелеринде коррупция, жеке меншик клиникаларда медициналық хызметлердиң баҳасының жоқарылығы ҳәм шаңарақлар поликлиникалар менен аўыллық врачлық пунктлерде бийпул медициналық хызмет көрсетиў сапасының төменлиги, шыпакерлер ҳәм медицина хызметкерлериниң мийнет ҳақысының төменлиги менен байланыслы екенлиги атап өтилди
Сораў қатнасыўшыларының көпшилиги билимлендириў тараўында соңғы ўақытларда билимлендириў мәкемелериниң жумысына унамлы тәсир етип атырған өзгерислердиң жүз берип атырғаны ҳаққындағы пикирлерди алға сүрмекте. Пуқаралардың пикиринше, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ҳәм мектеплерде шараят жақсыланбақта, барларын оңлаў ҳәм жаңаларын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Респондентлер жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўде тест сынақларының өткериў тәртибин жетилистириўге бағдарланған жаңалықты айрықша атап өтти. Өзгерислер коррупцияның алдын алыў, тест сынақларының ашық-айдынлығы ҳәм абитуриентлерди онлайн тәртипте бақлаў имканиятын тәмийинлеў жәрдем береди.
Пуқаралардың пикиринше, оқыўшылардың мәнаўий-әдеп-икрамлылық, интеллектуаллық ҳәм физикалық жақтан раўажланыў дәрежеси, муғаллим кәсибиниң мәртебесин ҳәм абырайын арттырыў, улыўма билимлендириў мектеплериниң хызметкерлерин материаллық ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў, оқыў-тәрбия процесине заманагөй педагогикалық ҳәм инновациялық технологияларды енгизиўге бағдарланған унамлы өзгерислер жүз бермекте.
Билимлендириў тараўындағы реформаларды әмелге асырыў пәтлерин унамлы баҳалап атырған пуқаралар санының өсиў тенденциясы анықланды. 2018-жылдың үшинши шерегинде билимлендириў реформаларының жедел пәтлерде әмелге асырылып атырғанын тән алған респондентлер саны 9,3 процентке өсти.
Пуқаралар билимлендириў системасын модернизациялаўды артқа сүриўши себеплер менен факторлар сыпатында орынлардағы жуўаплы хызметкерлердиң өз жумысына жүзеки ҳәм суўық мүнәсибетте болыўы, бюрократизм ҳәм усы тараў хызметкерлеринде орынлаў интизамының төменлиги, тәрбияшы, устаз ҳәм муғаллимлердиң мийнетине жетерли дәрежеде ҳақы төленбеў жағдайларын атап өткен. Сораў қатнасыўшыларының пикринше, билимлендириў реформаларының жолындағы тосқынлықлар жоқары қәнигели профессионал кадарлар жетиспеўшилиги, жаслардың оқытыўшылық кәсибин ийелеўди қәлемеўинде көринбекте.
Сораў Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда тек елимиз емес, ал пүткил Орайлық Азияда да тынышлықты сақлаў, турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийиенлеў бойынша нәтийжели илажлардың әмелге асырылып атырғанын көрсетти. Пуқаралардың пикиринше қорғаныў потенциалын беккемлеў, қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша аймалық ҳәм халықаралық бирге ислесиў, экстремистлик ҳәм террористлик идеялардың тарқалыўына қарсы гүресиў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў елимиз Президентиниң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардың перспективалы бағдарларынан бири болып есапланады.
Өзбекстанда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты, тыныш ҳәм абадан турмысты буннан былай да беккемлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаўға хызмет ететуғын унамлы өзгерислерди атап өтип атырған пуқаралардың саны өспекте.
Улыўма, сораў нәтийжелери жәмийетте Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жүргизип атырған сиясаты халық тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны, әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалар Өзбекстанның экономикалық ҳәм сиясий күш-қүдиретин буннан былай да беккемлеў, пуқаралардың техникалық ҳәм интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыўға хызмет ететуғынына қатаң исенетуғынын және бир мәрте дәлилледи.
ӨзА