Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Владимир Норов басшылығындағы делегация усы жылдың 26-27-сентябрь күнлери әмелий сапар менен Францияда болды. Сапар даўамында Франция парламенти ҳәм Сыртқы ислер министрлиги, Европа Парламенти ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерилди.

Европада перспектива ҳәм қәўипсизлик институты және Франция Админстрация миллий мектеби менен биргеликте шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының әмелге асырылыўы, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў процесслери және Өзбекстан – Франция қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң перспективалары додаланды.

Франциялы шериклер Өзбекстанда жүз берип атырған унамлы өзгерислер, елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм мәдений турмысындағы раўажланыў тенденциялары Парижде үлкен қызығыўшылық пенен бақланып атырғаны атап өтилди. Өзбекстанның миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти сақлаў тараўындағы сиясаты Европа еллери ушын үлги болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыўлар шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен экономика ҳәм валюта базарын либералластырыў, санаатты модернизациялаў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў, суд-ҳуқық ҳәм ҳуқық қорғаў системаларын жетилистириў, ҳүкимет ҳәм жәмийет арасында ашық сойлесиўди жолға қойыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда әмелге асырылып атырған реформалар жоқары баҳаланды.

Франциялы экспертлер Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жедел өзгерислерди қанаатланыўшылық пенен атап өтип, Ташкенттиң  Орайлық Азияда исеним, жақсы қоңсышлық ҳәм бирге ислесиў орталығын жаратыў бойынша ис-ҳәрекетлери айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бай мәденият, үлкен сиясий ҳәм экономикалық потенциалға ийе Өзбекстан регионаллық раўажланыўдың жетекши күшине айланатуғынына исеним билдирилди.

Өзбекстан Республикасы өзиниң салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатының нәтийжесинде тек ғана ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеп қоймастан, халықаралық имиджин де көтермекте.  Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен илгери сүрилген, соның ишинде, Аўғанстан машқаласына жаңаша нәзер салыў имканиятын берген регионаллық ҳәм халықаралық басламалар айрықша атап өтилди.

Олар Өзбекстан менен Франция арасындағы сиясий сөйлесиў жоқары дәрежеге шыққанын және ҳәр қыйлы тараўларда еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда жоқары пәт бақланып атырғанын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен Париж Президент Шавкат Мирзиёевтиң болажақ сапарына үлкен үмит байламақта. Бунда саўда-экономикалық тараўда анық нәтийжелерге ерисиўге биринши гезектеги ўазыйпа сыпатында қаралмақта. Франциялы экспертлер жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер мәмлекетлеримиздиң қатнасықларында жаңа бет ашатуғынына исеним билдирди.

Дөгерек сәўбети жуўмағында Өзбекстанның жетекши изертлеў орайлары менен Европада перспектива ҳәм қәўипсизлик институты, Франция Админстрация миллий мектеби ҳәм «Евроконтинент» таллаў орайы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумларға қол қойылды.

ӨзА