Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў шөлкеми – KOICA менен еки тәреплеме бирге ислесиў жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.
Шөлкемниң халықаралық жойбары тийкарында институтта волонтёр Ли Сангхян студентлерге кореец тилин үйретип атыр.
Кореялы волонтёр өткен оқыў жылында физика-мийнет ҳәм математика информатика факультетлеринде жумыс алып барған болса, быйылғы оқыў жылында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң баслаўыш тәлим ҳәм мектепке шекемги билимлендириў бакалавр бағдарының 1-курс студентлерине сабақ бермекте.
Сондай-ақ, кореец тилин үйрениў бойынша студентлер жергиликли илимпаз Марина Когайдың жәрдеминде өз билим ҳәм көнликпелерин жетилистирмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.