Кегейли районындағы 55-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының шөлкемлестириўинде китаплар акциясы өткерилди.

Оған райондағы китапқумар жаслар, мектеп оқыўшылары ҳәм муғаллимлер қатнасты.

Илажда шайыр ҳәм жазыўшылар – Б.Ерназаров, Ж.Өтениязов, Б.Бекмуратовлар шығып сөйлеп, китап ҳәм оның әҳмийети, республикамызда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў, жасларды китап оқыўға қызықтырыў бойынша исленип атырған жумыслар, олардың руўхый дүньясын, сана-сезимин байытыўда, интеллектуаллық имканиятын, дүньяға көзқарасын, пикирлеў қәбилетин раўажландырыўда китаптың тутқан орны, «Қарақалпақстан» ҳәм «Билим» баспаларынан шығарылған соңғы китаплар, жазыўшы, шайырлар туўралы слайдлар ҳәм көргизбели қураллар арқалы кең түрде мағлыўмат берилди.

Мектеп китапханасына ҳәм жыйналғанларға олардың авторлығында баспадан шыққан 100 ден аслам китап саўға етилди.

Илажда әдебий мушайра өткерилип, жаңа қосықлар оқылды.

Илаж қатнасыўшылары баспадан шығарылып атырған китаплар туўралы пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.