«Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»на, сондай-ақ Дүньяжүзилик қоршаған орталықты қорғаў күнине бағышланып республикамызда усы жыл  3-май күни экологиялық шембилик болып өтти.

«Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеминен алынған мағлыўмат бойынша шембиликке жәми 313  мың 663 адам белсендилик пенен қатнасты.  Илаж даўамында 180 социаллық объектте, соның ишинде 45 балалар майдашасында, 117 балалар бақшасында, 18 жаслардың саўалландырыў орнында абаданластырыў жумыслары алып барылып, санитария-гигиеналық илажлар өткерилди. Соның менен бирге, 132 тонна өндирислик және турмыс шығындыcы алып тасланды, 46,8 километр аралықтағы жап-салмалар тазаланды.   Қатнасыўшылар тәрепинен 2990 дана саяманлы ҳәм мийўели терекке тәрбия берилди. Усының нәтийжесинде, өндирислик кәрханалар, қурылыс объектлери, саўда тармақлары менен базарлардың санитариялық жағдайы жақсыланды.

Шембилик даўамында бир қатар қайырқомлық илажлары да әмелге асырылды. Атап айтқанда,  жәрдемге мүтәж шаңарақлардың, майып және кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға жәрдем көрсетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги