Ҳәр жылы октябрь айының биринши сәнесинде пүткил елимиз бойлап Муғаллимлер ҳәм устазлар күни кең түрде белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен өткен шемби күни  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында      салтанатлы    мәжилис  болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев кирис сөз бенен ашып, жыйналғанларды кәсиплик байрам менен қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң республикамыздың муғаллимлери ҳәм устазларына байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, елимиздиң ҳәр бир перзентин өз баласындай сүйип, ардақлап, оларды бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў ушын шын кеўилден мийнет етип атырған ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар ҳақыйқатында да пидайы кәсип ийелери есапланады.  Сонлықтанда, замангөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерин пуқта ийелеп, үлкен үмит ҳәм исеним менен турмысқа қәдем қойып атырған, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған перзентлеримиздиң мүнәсип тәрбияланыўындағы олардың машақатлы мийнети ҳәр қашан да жоқары қәдирленип келинбекте.

– Барлығымыз жақсы түсинемиз, тәлим-тәрбия ҳәр бир мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң тек ғана бүгинги емес, ал ертеңги күнин де шешетуғын ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселе болып есапланады. Соның ушын елимизде бул мәселеге мәмлекетлик көлемде үлкен итибар қаратылмақта, – деген еди  Президентимиз Өзбекстан Республикасы Муғаллимлери ҳәм устазларына байрам қутлықлаўында.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күни барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 14-августтағы «Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик тәрбиялаў, оларғы тәлим-тәрбия бериў системасын сапалы жаңа басқышға көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарары жас әўладты тәрбиялаў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў, тәлим-тәрбияның сапасын мазмуны жағынан жаңа басқышқа көтериў, муғаллим кәсибиниң абырайын арттырыўға хызмет етпекте.

Быйылғы жылдың Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде республикамызда 22 билимлендириў мәкемесинде қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары бойынша 32 билимлендириў мәкемесинде реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын жергиликли бюджет есабынан 81 миллиард сум қаржы ажыратылды.

Кәсиплик байрам мүнәсибети менен елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, терең билим ҳәм заманагөй кәсип-өнерге ийе маман кадрларды таярлаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, еркин пикирлейтуғын, талантлы, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, оларды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы үлкен хызметлери  бир топар муғаллим ҳәм устазлар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының ҳүрметли атақлары, ордень ҳәм медальлары менен сыйлықланған еди. Илажда тараў пидайыларына Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Мәжилисте Хожелидеги 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң директоры, II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордениниң ийеси Светлана Сон, Әмиўдәрья районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 40-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры, Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими С.Хожамуратова, Нөкис қаласындағы 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниң  оқыўшысы Д.Искендерова шығып сөйлеп, билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди. Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Б.Генжемуратов муғаллимлер ҳәм устазларға бағышланған қосығын оқып берди.

– Бүгин қайсы тараўды алып қарамаң, түпкиликли жаңаланыўлар жүз берип, кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. – дейди Әмиўдәрья районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 40-санлы мектептиң директоры, Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими Санобар Хожамуратова.- Соның ишинде, оқыў процесине алдынғы инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў, педагог хызметкерлердиң жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды материаллық ҳәм моральлық жақтан хошаметлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Мениң мийнетимди жоқары баҳалап, ҳүрметли атаққа мүнәсип тапқанлығы ушын шексиз миннетдаршылық билдиремен. Бул исеним маған еле де жуўапкершилик және пидайылық жүклейди. Барлық кәсиплеслеримди байрам менен қутлықлап, олардың алдағы жумысларында табыслар тилеймен.

Салтанатлы мәжилис республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.