Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға сапары жуўмақланды.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызмети мәлим етти.

photo_2018-09-28_16-51-40.jpg

Мәмлекетимиз басшысы 27-сентябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасты. Президентлер Душанбе ҳәм Турсынзада қалаларында бир қатар объектлерге барды.

Шавкат Мирзиёев   28-сентябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы басшылары кеңеси мәжилисинде қатнасты.

Өзбекстан делегациясы Ташкентке жөнеп кетти. Душанбе халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода шығарып салды.

ӨзА