Муғаллимшилик мақтанышлы, ҳәзирги ўақытта оғада жуўапкершиликли ҳәм қыйын кәсип. Елимизде бул кәсип ийелерине ҳүрмет-иззет көрсетиў бойынша мисли көрилмеген ибратлы ис-ҳәрекетлер педагоглардан өзиниң жумысына және де садықлық ҳәм пидайылық пенен қатнас жасаўды, кең ҳәм заманагөй ақыл-ой ийеси болыўды талап етпекте.

Пайтахтымызда 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларынан келген алдыңғы оқытыўшылар, дөретиўшилик-ағартыўшылық таңлаўларға табыслы қатнасқан педагоглар, ветеран устазлар, педагогика тараўында илимий-изертлеўлер алып барып атырған илимпазлар, орынлардағы халық билимлендириў бөлимлериниң жуўапкер адамлары жыйналды.

Болып өтип атырған ағартыўшылық ушырасыўлар, сөйлесиўлер даўамында бүгинги күнде жасларды жоқары мәнаўиятлы, еркин ҳәм саламат ақыл-ой ийеси етип тәрбиялаў, оларды ҳәр қыйлы руўхый қәўип-қәтерлерден исленимли қорғаўда педагоглар, кең жәмийетшиликтиң орны ҳәм әҳмийети ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилмекте.

5.JPG

14.JPG

Илаж қатнасыўшылары 28-сентябрь күни пайтахтымыздағы Мустақиллик майданында болып, еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүллер қойды.

Муғаллимлер ҳәм устазлар «Өзэкспоорай»да болып өтип атырған «ICT EXРO – 2018» көргизбесине барды. Бул тегиннен емес, өйткени, замангөй ҳәм алдыңғы пикирлейтуғын, ҳәр қыйлы қыйын жағдайларда тез, ақылға уғрас шешим таба билетуғын, перзентлердиң камалға келиўине ең дәслеп қәлб көзи,  жүрек төри менен нәзер таслай алатуғын муғаллим бүгинниң талабына айланды.

Усы күни «Түркстан» сарайында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Муғаллимлери ҳәм устазларына байрам қутлықлаўын Президенттиң кеңесгөйги Х.Султанов оқып еситтирди.

Салтанатлы мәжилисте Президентимиздиң пәрманына муўапық жаслардың мәнәўиятын арттырыў, оларға пухта билим бериў, оқып, излениўге болған қызығыўшылығын күшейтиў бағдарында жемисли ҳәм ҳадал мийнет етип атырған, оқытыў процесине алдыңғы инновациялық технологияларды енгизиўге умтылып атырған педагоглар, муғаллимлер ҳәм устазларға Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм медальларын Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдуваҳитов салтанатлы рәўиште тапсырды.

21.JPG

31.JPG

32.JPG

Усы жердиң өзинде Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Жылдың ең жақсы пән муғаллими – 2018» республикалық таңлаўының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери диплом және ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Ҳақыйқатында да, кейинги еки жыл даўамында елимиздиң билимлендириў системасында түпкиликли унамлы өзгерислер, кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Елимизде қабыл етилип атырған көплеген пәрман ҳәм қарарлар тараў ушын унамлы кәсиплик шеберликке ийе кадрлар таярлаў, оқытыў системасын дүнья стандаратларына сай жолға қойыўда әҳмийетли тийкар болмақта.

Оқытыў системасының дәслепки буўыны – мектепке шекемги билимлендириў пүткиллей жаңаша тийкарда реформаланбақта. Бунда нәўқыран әўладты ўатан сүйиўши, жоқары ҳәм терең мәнаўиятлы, кең ақыл-ойға ийе, заманагөй пикирлейтуғын шахс етип тәрбиялаўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарында заманагөй мектеплерди шөлкемлестириўге байланыслы ийгиликли басламалар мектепке шекемги билимлендириў хызметлери мәмлекетли емес секторын буннан балай да раўажландырыў, балалардың мектепке шекемги системасына кеңирек қамтып алыныўын тәмийинлеўдиң жаңа перспективаларын ашпақта.

Жасларға тыянақлы ҳәм ҳәр тәреплеме жетик билим бериў, оқытыўды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде улыўма билим бериў мектеплеринде 11 жыллық билимлендириў енгизилди.

Президентимиздиң 2018-жыл 14-августтағы «Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан бәркамал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы әмелий жумысларды жаңа басқышқа алып шығыўда жаңа имканиятларды жаратады.

Жаңа оқыў жылында педагог хызметкерлердиң жәмийетттеги абырайын арттырыў, оларды материаллық ҳәм моральлық хошаметлеў бағдарындағы жумыслардың көлеми барған сайын артпақта. Муғаллимлерди педагогикалық – психологиялық қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда зәрүр штат бирликлерин енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Жоқары мәнаўиятлы, қатаң турмыслық позицияға ийе, пидайы ҳәм ўатан сүйгиш жасларды тәрбиялаўға байланыслы жумысларды дәўир руўхына сай тәризде жетилистириў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Улыўма билим бериў мектеплери, соның ишинде, қәнигелестирилген мектеплер, көркем өнер ҳәм мәденият, олимпиада резервлери мектеп-интернатлары, академиялық лицейлердиң питкериўшилерине айрықша билими, үлгили минез-қулқы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилиги ушын алтын ҳәм гүмис медальлар шөлкемлестирилди.

Блимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң айлық ҳәм мийнет ҳақысы көбейтилди. Муғаллимлер билимлендириў процесине байланыслы болмаған мәжилислер менен илажларға тартылмайтуғын болды. Улыўма орта билимлендириў мектеби муғаллимлеринен сабақ ҳәм дөгерек шынығыўларын шөлкемлестириў, класс журналын жүргизиўден тысқары басқа педагогикалық жүклемелер бойынша есаплар ҳәм қосымша мағлаўматларды талап етиў қадаған етиў талап етилди. Бул болса педагоглардың билимлендириў сапасына, жаслар тәрбиясына еледе көбирек итибар, ўақты ажыратыўында, өз кәсибине садықлық, меҳир менен қатнас жасаўында тийкарғы факторлардан бири болып табылады.

Елимизде бир қатар жаңа жоқары билимлендириў дәргайларының шөлкемлестирилгени барлық тараўлар сыяқлы педагогика тараўы ушын жоқары кәсиплик маманлығына ийе кадрларды жетилистириў, билимлендириў тараўында қәнигелер жетиспеўине шек қойыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманы оқыў-тәрбия процесине  басқарыўдың жаңа механизмлерин ҳәм сапа стандартларын енгизиў, жәмийетте муғаллимшилик кәсиптиң абырайын арттырыў, улыўма билим бериў мәкемелериниң материаллық-техникалық жағдайын жақсылаў арқалы халық билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыўда жаңа имканиятларды ашады. Жас әўладтың тәлим-тәрбиясына байланыслы ийгиликли басламалардың қамтылыўы кеңейип, мазмуны және де байып атырғаны халқымыз, әсиресе, ата-аналар, илимий-ағартыўшылық ҳәм педагогикалық жәмийетшилик тәрепинен белсенди қоллап-қуўатланбақта.

– Президентимиз елимиздиң қайсы аймағында болмасын, әлбетте, жаслар тәрбиясы, олардың билим алыўы, мектептеги билимлендириў сапасы, оқытыўшылардың жумысы, олардың мийнетине мүнәсибет пенен ҳәр тәреплеме ҳәм жақсылап танысады,- дейди Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар тренери, Шоманай районындағы 33-санлы  қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Тамара Сейдаметова. – Бундай жоқары итибар, ғамхорлық бизлерди бәрқулла қырағы ҳәм сергек болыўға, жаслар тәрбиясы, сапалы билим алыўы ушын жуўапкершиликти шын жүректен сезинген ҳалда мийнет етиўге ийтермелейди. Бул атақ тек ғана маған емес, ал пүткил педагогикалық жәмийетимизге, мектебимизге берилген баҳа деп билемен.

Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектеп-интернатының оқытыўшысы Гүлистан Ходжалепесова,  2018-жылда Индонезияның Жакарта қаласында болып өткен Азия ойынлары чемпионатының бокс бойынша алтын медаль ийеси Иқболжон Холдоров, пайтахтымыздың Сергели районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң химия пәни оқытыўшысы Алевтина Люкшина, Сурхандәрья ўәлаятының Музработ районының мийнет ветераны Дўстқобил Қодиров елимизде жасларды мәнаўий әдеп-имрамлылық ҳәм физикалық жақтан бәркамал етип тәрибиялаў, тәлим-тәрбия жумысын сапа жағынан буннан былай да жоқарылатыў, педагогикалық жумысты турақлы қоллап-қуўатлаў бағдарындағы кең көлемли әмелий итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди, Өзбекстан халық шайыры Маҳмуд Тойир муғаллимлер ҳәм устазларға бағышланған қосығын оқып берди.

Байрамда  жасларға көрсетилип атырған шексиз итибарды, устазлық кәсибин, әзиз Өзбекстанымызды, тыныш ҳәм абадан, бахытлы күнлеримизди, ул-қызларымыздың келешегин жырлайтуғын қосықлар жаңлады.

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы