28-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде 2018-2019-оқыў жылында мәмлекетлик стипендиялардың жеңимпазлары жәрияланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультетиниң 4-курс студенти Аълохон Абдуллаева быйылғы оқыў жылында Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болды.

Аълохон Абдуллаева оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларда өз белсендилиги менен ажыралып турағын үмитли жаслардың бири болып есапланады.

Стипендиаттың илимий мақалалары ҳәм тезислери елимизде, сондай-ақ, сырт еллерде өткерилген илимий конференциялар топламлары және илимий журналларда жарық көрип келмекте.

Өз умтылысларының нәтийжесинде 2016-жылы Әжинияз Қосыбай улы атындағы, соның менен бирге, Жаслар аўқамы стипендиясының жеңимпазы болған.

Ҳәзирги ўақытта устазлары менен биргеликте илимий излениў жумысларын даўам еттирмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.