USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҒМДА САММИТИ БАСЛАНДЫ

Душанбе, 28-сентябрь.

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Алоуддин Ғаффоров хабар етеди.

 

Душанбе қаласындағы «Сомон» сарайында Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси басланды.

Мәжилисте Өзбекстан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Молдова, Әзербайжан, Россия Президентлери, сондай-ақ, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы-Атқарыўшы хаткери қатнаспақта.

Дәслеп ҒМДА мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасыў өткерди. Онда Дослық шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, бул хзалықаралық структура жумысын жетилистириў мәселелери додаланып, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи. Президентимиз дүньяда жедел өзгерислер жүз берип атырған, қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бүгинги күнде  Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамының көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етип атырғанын атап өтти.

Өткен жыл Өзбекстанның ҒМДАдағы жумысында жаңа басқыш болды. Елимиз Дослық Аўқамының экономика, энергетика, илим ҳәм инновациялар, жынаятшылыққа қарсы гүресиў сыяқлы тараўларды қамтып алған 10 нан аслам тармақ уйымларына қосылды.

Өзбекстанның басламалары ҒМДА еллери арасында саўда, экономика, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы байланысларды раўажландырыўға хызмет етпекте.

Саммитте Президент Шавкат Мирзиёев көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли ҳәм перспективалы бағдарларына тоқтап өтти. Өзбекстан 2020-жылы ҒМДА  Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисин өткериўге таяр екенин тастыйықлады.

Саммит өз жумысын даўам еттирмекте. Оның күн тәртибинен түрли тараўлардағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларына байланыслы кең көлемли мәселелер орын алған.

ӨзА