2018-жыл 27-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады. Жалпы мәжилисте ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен уйымлардың, елимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдошев алып барды.

Жалпы мәжилистиң күн тәртиби тастыйықланғаннан соң сенаторлар көрип шығылатуғын мәселелерди додалаўға киристи.

Парламент ағзалары жумысты жаңа басылымдағы «Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын додалаўдан баслады.

Бул нызам бажыхана уйымлары жумысының ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге, пуқаралар ҳәм сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың қосымша ҳуқықый механизмлерин жаратыўға қаратылғаны атап өтилди.

35-faqat saytga.JPG

41-faqat saytga.JPG

Нызамға муўапық физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин қадағалаў, нызам ҳүжжетлери бузылыўларының, соның ишинде, контрабанданың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оған шек қойыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик  бажыхана хызметиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленбекте.

Соның менен бирге, нызамда бажыхана уйымларының ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, қәўипти басқарыў системасы қолланылыўы нәтийжелилигиниң турақлы мониторингин әмелге асырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм қадағалаўдың техникалық қуралларын қолланыў, бажыхана жумысын раўажланыдырыўдың ҳәм жетилистириўдиң тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў, сыртқы саўда операцияларының мониторингин әмелге асырыў, экспорт-импорт шәртнамаларының орынланыўын таллаў, сондай-ақ, сыртқы саўда операцияларының бажыхана уйымларына тийисли бөлегин өткериўде валюта ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў, товарлардың сыртқы саўдасына байланыслы бажыхана статисткасын ҳәм сыртқы экономикалық жумыстың товар номенклатурасын жүргизиў сыяқлы жаңа ўазыйпалары белгилеп берилмекте.

Бажыхана уйымлары жумысының нызамлылық, улыўмалық, ашық-айдынлық, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў ҳәм усы ҳуқықлар, еркинликлер ҳәм нызамлы мәплерди ҳүрмет етиўден ибарат тийкарғы принциплери нызамлылық жолы менен беккемлеп қойылмақта.

Атап өтилгениндей, бул нызамда хызметкерлердиң қосымша ҳуқықлары менен миннетлемелери нәзерде тутылмақта ҳәм хызметти өтеўдиң төмендеги толық тәртиби ҳәм шәртлери белгилеп берилмекте: хызметке қабыл етиў, арнаўлы дәрежелер бериў, бул дәрежелерди төменлетиў ҳәм олардан айырыў, хызметкерлерди тайынлаў ҳәм азат етиў, таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, хызметкерлерди сапарға жибериў, аттестациядан өткериў, оларға дем алыслар бериў, хызмет мүддетин созыў, хызметтен босатыў ҳәм хызметке тиклеў, хызметти өтеў режимин тәмийинлеў. Сондай-ақ, бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлерин ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў илажларына анықлық киргизилмекте.

3-faqat saytga.JPG

Сөзге шыққанлардың атап өткениндей, нызам  бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлериниң миннетлемелерин орынлаўға байланыслы ис-ҳәрекетлери кепилликлерин беккемлеўге, оларды материаллық ҳәм социаллық қорғаўды буннан былай да күшейтиўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар, «Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Атап өтилгениндей, нызамда Өзбекстан пуқараларын ҳәм елимиз кәрханаларында, ҳәм сырт елде жумысқа жайластырыў имканиятларын арттырыў ҳәм кеңейтиў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм жеке меншик бәнтлик секторының бирге ислесиў механизмлерин анық тәртипке салыў, жумысқа жайластырыў хызметлерин көрсетиў тәртибин ҳәм шәртлерин, соның ишинде, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң, кәрханалардың ҳәм жумыс излеп атырған шахслардың ҳуқықлары менен миннетлемелерин белгилеп бериў нәзерде тутылған.

Нызамда Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысын тәртипке салыў тараўындағы ўәкилликлери беккемленбекте. Нызам нормаларына муўапық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге, соның ишинде, сырте елде пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға жеке меншик бәнтлик агентликлерин тартыў, пуқараларды жумысқа жайластырыў тараўындағы мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, пуқараларды жумысқа жайластырыў мәселелери бойынша мәлимлеме кампаниялары, конференциялар, симпозиумлар, семинарлар таярлаўға ҳәм өткериўге жәрдемлеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты. Нызам пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымалрына сайлаў процесиниң ашық-айдынлығы принциплерине әмел етиўге, пуқаралар жыйынлары басшыларының мәмлекетлик уйымлардан бийғәрезлигин тәмийинлеўге, пуқаралар жыйынларының кадрлар потенциалын ҳәм мәҳәлле институты жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған. Пуқаралар жыйыны баслығының (ақсақалының) ўәкиллик мүддети еки ярым жылдан үш жылға шекем созылмақта.

Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўда пуқаралардың кеңирек қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде нызамда елимиздиң ҳәр бир аймағындағы халқының саны есапқа алынған ҳалда ҳәўлилер, турақ жайлар, көшелерден пуқаралардың ең кем ўәкиллик нормасы белгиленбекте. Дифференцияласқан квотаны тәмийинлеў мақсетинде ең кем ўәкиллик нормасын процентлерде белгилеўди нәзерде тутатуғын қағыйда беккемлеп қойылмақта. Оған муўапық, пуқаралардың ең кем ўәкиллик нормасы сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың 12 процентинен аз болмаўы керек. Нызамда пуқаралардың ўәкиллерине талаплар белгиленбекте. Әдетте, ол шөлкемлестириўшилик қәбилетине, турмыслық тәжирийбеге ҳәм халық арасында абырай-мәртебеге ийе шахслар болып табылады.

Нызамға муўапық сайлаўды республикалық дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен Сенат Кенгаши тәрепинен шөлкемлестирилетуғын Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўды шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын республикалық комиссия шуғылланады. Оның қурамына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары, мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, илимий ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери киргизилиўи мүмкин.

Пуқаралардың тилек-қәлеўин қандайда бир тәризде қадағалаў имканиятын қолланбаған ҳалда тийисли шараятлар жаратылыўын тәмийинлеў ушын пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўда жасырын  даўыс бериўди өткериў белгиленбекте.

Нызам нормаларына муўапық пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сайлаў өткерилетуғын сәне, ўақыт ҳәм орын, пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына талабанлар, даўыс бериў жуўмақлары ҳаққындағы мәлимлемени Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша кеңеслердиң рәсмий веб-сайтларына сайлаў өткерилиўден кеминде бес күн бурын жайластырыў зәрүр. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаторлар «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўды жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты. Нызам пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаўда қатнасыўға байланыслы пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын толық әмелге асырыў ушын қолайлы шараят жаратыўға, сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, пуқаралар жыйыны баслығына (ақсақалына) өз билим ҳәм басқарыў шеберликлерин көрсетиўи ушын көбирек имканиятлар жаратыўға қаратылған.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының Конституциясына ҳәм «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Конституциясынан ҳәм «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамынан «ҳәм олардың кеңесгөйлери» деген сөзлер шығарып тасланбақта. Конституциядан пуқаралар жыйыны баслығының (ақсақалының) ўәкилликли мүддети де шығарылмақта, бул «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамында өз сәўлелениўин тапқан.

Сөзге шыққанлардың атап өткениндей, нызамның қабылланыўы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына сайлаў процесиниң ашық-айдынлығын, пуқаралар жыйынлары басшыларының мәмлекетлик уйымлардан еркинлигин тәмийинлейди, пуқаралар жыйынларының кадрлар потенциалын ҳәм мәҳәлле институты жумысының нәтийжелилигин арттырады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы көрип шығылды. Нызамда 5-апрельди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети күни етип белгилеў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи әскерий хызметкерлер арасында әскерий-ўатансүйиўшилик, әдеп-икрамлылық-мәнаўий жумысларды күшейтиўге, хызмет ўазыйпасына садықлық руўхын қәлиплестириўге, әскерий хызметкерлерде таңлаған кәсибине  мақтаныш сезимин қәлиплестириўге, жеке қурамның беккемлигин, хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға, пуқаралардың, соның ишинде, жаслардың белсене турмыслық позициясын қәлиплестириўге ҳәм әскерий хызметтиң өзине тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Олий Мажлис Сенатының ағзалары «Экономикалық қатнасықлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын да көрип шықты.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның мақсети экономикалық қатнасықлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин және де жетилистириўден ибарат. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-апрельдеги «Исбилерменлик жумысы тараўындағы лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыў, сондай-ақ, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық киргизилип атырған өзгерислерде айырым түрдеги жумысты әмелге асырыў ҳуқықы ушын берилетуғын лицензияның әмел етиў мүддетиниң шеклениўин бийкар етиў нәзерде тутылмақта.

Лизенциялар талап ететуғын жумыс түрлериниң дизиминен жумыстың төмендеги төрт түри шығарып тасланбақта: аэропортларда ҳаўа арқалы тасыў менен байланыслы ҳаўа кемелерине хызмет көрсетиў; аудиовизуал шығармалар таярлаў, тәкирарлаў ҳәм экранда көрсетиў; аудиовизуал шығармалар, фонограммалар ҳәм ЭҲМ ушын бағдарламаларды реализациялаў, ижараға бериў, темеки шийки затын ферментациялаў. Онда жумыстың төрт лицензияланатуғын түри – телекоммуникация тармақларын жойбарластырыў, қурыў, олардан пайдаланыў ҳәм оларға хызметлер көрсетиў бир түрге бирлестирилмекте.

Нызамда устав қорында мәмлекетлик үлеси болған кәрханалар ушын айырым талаплар, соның ишинде, товар бажыхана аймағынан тысқарыда қайта исленген болса,  товарды қайта ислеў процесиниң техникалық-экономикалық тийкарлары ўәкилликли уйым менен келисиў зәрүрлиги, товарды бажыхана аймағынан тысқарыда қайта ислеў Өзбекстан Республикасының экономикалық мәплерине зыян келтирмеўи ҳаққында ўәкилликли уйымның шешиминиң керек екенлиги, товар бажыхана аймағында қайта исленген болса, товарды қайта ислеў процесиниң техникалық-экономикалық тийкарлары ўәкилликли уйым менен келисиў зәрүрлиги ҳаққындағы талаплар бийкар етилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық нызам менен бажыхана брокери сыпатында жумысты әмелге асырыў ушын рухсатнама өзгешелигине ийе ҳүжжеттиң, сондай-ақ, бажыханада рәсмийлестирилетуғын қәнигеде қәнигелик аттестаты болыўы керек екенлиги ҳаққындағы талаптың бийкар етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-марттағы «Банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Республикалық банк системасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм турақлылығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына муўапық, банклерге микроқарызлар бериў ҳуқықын беретуғын өзгерислер киргизилмекте. Онда микроқаржылық хызметлерди көрсетиў шәртнамалары бойынша жыллық қарыз муғдарының ярымынан көбин қурайтуғын суммада процентлерди есаплаў, дәлдалшылық ҳақылары ҳәм неустойка (жәрийма, пеня) өндириў, жуўапкершиликтиң басқа да шараларын қолланыў қадаған етилмекте.

Сенаторлар нызамның қабыл етилиўи исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм улыўма экономикалық қатнасықларды раўажландырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый базаны буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Юридикалық жәрдем ҳәм ҳуқықый хызметлер көрсетиў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Бул нызамға муўапық, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Пуқаралық, Турақ жай ҳәм Салық кодекслерине және «Нотариат ҳаққында»ғы ҳәм «Адвокатура ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-майдағы «Адвокатура институтының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм адвокатлардың еркинлигин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы  Пәрманына тийкарланып киргизилип атырған өзгерислерде адвокатлық жумысқа тосқынлық еткени ушын жуўапкершилик белгилеў, юридикалық хызмет хызметкери сыпатында, судья, тергеўши, прокурор лаўазымында кеминде 3 жыл жумыс стажына ийе айырым категориядағы шахсларға адвокатлық структурасында стажировкадан өтпей қәнигелик имтиханына қатнасыў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.

Нызамда адвокатлық бюросын шөлкемлестирген адвокатларға мүлк ҳуқықы тийкарында ямаса басқа да нызамлы тийкарда өзине тийисли болған турақ жайларда өз жумысын әмелге асырыў ҳуқықы берилмекте.

Онда адвокатқа мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болған турақ жайларды адвокатлық бюросы жумысында пайдаланыў мақсетинде турақ жай емес жайлар категориясына өткериў талап етилмейди. Адвокатқа патент ўәкили ҳәм медиатор сыпатында, шәртнама тийкарында мәмлекетлик уйымлардың, хожалық басқарыў уйымларының, мәмлекетлик кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызмет хызметкери сыпатында, сондай-ақ, төрешилик судларында ҳәм халықаралық коммерциялық арбитражларында (судларында) судья сыпатында жумыс алып барыў ҳуқықы берилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 25-майдағы «Келиспеўшиликлердиң алдын алыўға қаратылған институт сыпатында нотариат системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшаларда көшпес мүлкти ижараға бериў ҳәм бийпул пайдаланыў шәртнамаларын нотариал тастыйықлаўды Бийкар етиў, нотариал тастыйықланыўы зәрүр болған ис-ҳәрекетлер дизимин оптималластырыў, юридикалық шахс коллегиаллық уйымының өтиниши менен оның коллегиаллық уйымлар тәрепинен қарар қабыл еткенлиги фактын нотариал тастыйықлаў, нотариус лаўазымына талабанлардың стажировканы өтеў мүддетин 2 жылдан 1 жылға қысқартыў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, нотариус лаўазымына талабанлар ушын судьялық лаўазымында кеминде бес жыл ислеген ямаса нотариал жумысқа басшылық етиўши ҳәм қадағалаўшы лаўазымларда кеминде үш жыл ислеген шахсларға мәжбүрий стажировканы өтеў талаплары бийкар етилмекте. Нызам сенаторлар тәрипинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Халықтың социаллық жақтан қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм турақ жай коммуналлық хызметлер көрсетиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Нызамда «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына ҳәм Өзбекстан Республикасының Турақ жай кодексине өзгерислер киргизиў нәзерде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги  «Жумыс ислеп атырған пенсионерлердиң айрықша категорияларына қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар менен енгизилип атырған тәртипке муўапық, пенсионер Өзбекстан Республикасы  Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық (қалалық) бөлиминиң артықша төленген  пенсия суммасын услап қалыў ҳаққындағы қарарына наразы болған жағдайда, анықланған қарыздарлық ол анықланған сәнеден баслап көби менен үш жыл ушын суд арқалы өндириледи.

Өзбекстан Республикасы  Президентиниң 2017-жыл 16-ноябрьдеги «Суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызметин көрсетиў тараўында төлем тәртибин түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшаларға бола, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик турақ жай қорларында ишимлик суў тәмийнаты ҳәм суўды шығарып таслаў (канализация) хызметлери 100 процентлик ҳақы төлеў тийкарында көрсетиледи. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик турақ жай қорларындағы турақ жайлардың мүлк ийелерине, бул турақ жайларды ижараға алыўшыларға суў тәмийнаты ҳәм суўды шығарып таслаў (канализация) хызметлери системаларынан толық ажыратып қойыўға шекем болған шаралар көриледи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы додаланды.

Нызам жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы жынайый, жынаят-процессуаллық ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириўге қаратылғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, нызамда жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилмекте.

Сондай-ақ, нызамда өмири ямаса денсаўлығы қәўип астында болған шахсқа тез ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўди тийкарсыз түрде бийкар еткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, исбилерменлик жумысына тосқынлық еткен, нызамсыз араласқаны ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине қәўип туўдыратуғын басқа да ҳуқықбузарлықлар ушын жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилмекте.

Додалаў даўамында нызамның қабыл етилиўи жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нызамшылық тийкарларын беккемлеўге жәрдемлесетуғыны атап өтилди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан, соның ишинде, ишимлик суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликтиң күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызам әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң нормаларын буннан былай да жетилистириўге, лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин күшейтиўге ҳәм қоршаған орталықта қорғаў, тәбийғый ресурслардан, соның ишинде, ишиммлик суўдан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бойынша ҳуқықый механизмлерди беккемлеў илажларын әмелге асырыўға қаратылған.

Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине ҳәм «Шығындылар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине суўлардың мәмлекетлик есабын жүргизиў қағыйдаларын бузғаны, суў хожалығы объектлери менен қурылмаларын зыянлағаны, олардан пайдаланыў қағыйдаларын бузғаны, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың режимин бузғаны, сондай-ақ, санаат шығындыларын, турмыслық шығындыларды ҳәм басқа да шығындыларды жыйнаў, зыянсызландырыў, сақлаў, реализациялаў ўақтында тәбиятты қорғаў талапларын бузғаны ушын шаралар күшейтилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

«Шығындылар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамында шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында есапқа алыў ҳәм қадағалаў, шығындыларды көмип таслаў ҳәм утилизациялаў орынларының мәмлекетлик кадастрын жүргизиў, шығындыларды трансшегаралық тасыў сыяқлы жумыс түрлериниң есабынан «шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў» түсинигиниң мазмуны кеңейтилмекте. Сондай-ақ, санаат шығындыларын ҳәм турмыслық шығындыларды арнаўлы техникалық қурылмаларсыз зыянсызландырыў қадаған етилмекте.

Атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи профилактика илажларын күшейтиўге, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан, соның ишинде, ишимлик суўынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын лаўазымлы шахслар менен пуқаралардың жуўапкершилигин арттырыўға, сондай-ақ, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың оператив ҳәм нәтийжели жумысын шөлкемлестириўге жәрдем береди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине әдил судлаўды әмелге асырыўдың нәтийжелилигин буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, «Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин бузатуғын ис-ҳәрекетлер ҳәм қарарлар үстинен судқа шағым етиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамын көрип шықты.

Нызам әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм судлардың жумысын шөлкемлестириўдиң нәтийжелилигин күшейтиўге қаратылған. Соның ишинде, судлар коллегиясы ҳәм төменде туратуғын судлардың жумысын шөлкемлестириўдиң нәтийжелилигин арттырыўда Олий суд баслығы орынбасарларының – тийисли судлаў коллегиялары баслықларының жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде «Судлар ҳаққында»ғы нызамның 27-статьясына өзгерислер киргизилмекте.

Киргизилип атырған өзгерислерге муўапық, бул шахслар Олий судтың тийисли судлаў коллегияларының жумысына басшылық етиў менен бирге, тийисли судлаў коллегияларының суд мәжилислерине басшылық етеди, тийисли судлаў коллегияларының мәжилислеринде жумысларды көрип шығыў ушын қурамларды қәлиплестиреди, төменде туратуғын судлардың жумысын шөлкемлестириўге жәрдемлеседи.

«Судлар ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгерислерден суд ҳәм төменги судлардың жумысын шөлкемлестириўдиң нәтийжелилигин арттырыўда ўәлаятлық суд ҳәм оған теңлестирилген суд баслықлары менен орынбасарларының жуўапкершилигин күшейтиў нәзерде тутылмақта. Судлардың жумысында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының кеңнен қолланылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, судьялар арасында жумысларды дурыс ҳәм бирдей бөлистириў мақсетинде киргизилип атырған өзгерис суд жумысларын автоматластырылған мәлимлеме системасын пайдаланған ҳалда бөлистириўге қаратылған. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Ислам еллериниң стандартлар ҳәм метрология институтының Уставын ҳәм Тәртип-қағыйдаларын (Стамбул, 1999-жыл 7-ноябрь, 2017-жыл 7-май жағдайындағы өзгерислер менен) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Уставына киргизилген дүзетиўди (Абиджан, 2017-жыл 10-11-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Париж келисимин (Париж, 2015-жыл 12-декабрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамаларын ратификациялаў ҳаққындағы нызамларды көрип шықты.  Нызамлар сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети