Нөкис темир жол вокзалында еркин гүрес бойынша жаслар арасында Словакияның Трнава қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында, сондай-ақ, 23 жасқа шекемги жаслар арасында ҳаял-қызлар гүреси бойынша Наўайы қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатында сыйлы орынларды ийелеген спортшы қызларды күтип алыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги жуўаплы хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының басшылары, спортшылардың тренерлери, ата-аналары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 20 ҳәм 23-сентябрь күнлери еркин гүрес бойынша жаслар арасында Словакияның Трнава қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында республикамыздан төрт спортшы қыз қатнасқан еди. Соннан 53 килограмм салмақта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Ақтенге Кеўнимжаева менен 62 килограмм салмақта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Набира Есенбаевалар екинши орынды ийелеп, гүмис медальлары менен сыйлықланды.

Келешегинен үлкен үмит күттиретуғын Ақтенге Кеўнимжаева бул жарыста дәслеп Болгарияның, соң Монголия, Әзербайжан, АҚШ еллериниң спортшы қызлары үстинен жеңиске еристи. Алтын медаль ушын болған беллесиўде япониялы тәжирийбели спортшыдан жеңилиске ушырады. Егерде жарақат алмағанында Набира Есенбаеваның жәҳән чемпионы болыў имканияты бар еди. Ол Қазақстан, Беларусьия, Италияның спортшылары жеңип, финальға жоллама алды. Бирақ жарақаты болғанлығы себепли финалда қатнаса алмады. Солай да болса, еки спортшымыздың жаслар арасында жәҳән чемпионатының гүмис медальлары менен сыйлықланыўы, Өзбекстанның спорт тарийхындағы әжайып нәтийжелерден бири болды.

-Бизлердиң бул жеңисимиз бәрше устазларымыздың кәсиплик байрамына саўғамыз болады,-дейди гүмис медаль ийеси Ақтенге Кеўнимжаева.-2014-жылы Тайланд мәмлекетинде, 2015-жылы Ҳиндстанда, өткен жылы Қытай Тайпейинде болып өткен Азия чемпионатында, быйылғы жылы үлкенлер арасында Қытай-Опен гран-при жарысында үшинши орынларды ийеледим. Спорттағы усындай жетискенликлерим ушын быйыл дөретиўшилик имтихансыз Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти бахтына миясар болдым. Бунда тренерлерим Айнура Жапақова ҳәм Баҳадыр Қалимбетовлардың, ата-анамның мийнети көп. Келешектеги әрманым, 2020-жылы Японияның Токио қаласында болып өтетуғын Олимпаиада ойынларына қатнасыў ҳәм жеңимпаз болыў.

Сондай-ақ, спортшы қызларымыз Наўайы қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатынан жақсы нәтийжелер менен қайтты. Атап айтқанда, бул жарыста Ш.Жоллыбаева, Х.Нажимова, А.Әлимбетова, А.Жумабаева, С.Әлеўатдинова, Қ.Нарбаева биринши, А.Есбергенова, Л.Орынбаева екинши ҳәм Ш.Жарылқағанова, Ф.Турсымуратова үшинши орынды ийеледи. Спортшыларды жарысқа тренерлер Б.Қәлимбетова, Қ.Жуманов, Б.Марқабаев ҳәм А.Жапақова таярлады.

-Бул жарыста  Наўайы, Сурхандәрья, Наманган, финалда болса Сырдәрья ўәлаяты спортшылары үстинен жеңиске ерисип, 57 килограмм салмақта биринши орынды ийеледим,-дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Амина Әлимбетова.-Бул ушын тренерим Айнура Жапақоваға миннетдаршылық билдиремен.

Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы алдынан үлкен жеңис пенен қайтқан спортшы қызларымызды қутлықлай отырып, алдағы болатуғын жарысларда оларға әўмет тилеп қаламыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.