Канададағы MilliardAir авиа компаниясының басшысы Уэйн Миллиард 2012-жылы өз үйинде өлтирип кетилген. Суд бирнеше жыл өткен соң оған өзиниң баласы қастыянлық иследи деген шешимге келди, деп хабарлайды Интернет сайтларында.

Марҳумның баласы Деллен Миллиард әкесиниң кризиске түсип, алькогол ишип кеткенин айтқан. Сол ўақытта суд оны өз жанына қаст етти, деп шешкен.

Миллиардер қайтыс болғанда Деллен 27 жаста болып, әкесиниң барлық мийрасына ийелик етеди.

Ярым жыл өткеннен соң Делленниң 32 жаслы канадалы Тим Бозманың жоғалып кетиўине қатнасы бар екени анықланады.

Миллионер Деллен Бозма сатып атырған автомобильге қызығыўшлық билдирип, оны айдап көриў нийетинде қасына сатыўшы Бозманы отырғызып алып кеткен. Соннан кейин Тим Бозманы ҳеш ким көрмеген.

Соң машина Делленниң анасының үйине жақын жерден табылған. Машина ишинен Бозманың қаны анықланғаннан соң Делленди оның өлиминде айыплы деп шешим шығарады.

Бул ўақыядан кейин полиция Д.Миллиардтың жоғалып кеткен бурынғы сүйиклиси ҳаққындағы исти де қозғатады.

Лаура Бабкок Деленниң әкеси Уэйн Миллиардтың өлиминен үш ай бурын бийдәрек жоғалған. Мәлим болғанындай, бай жигит басқа қыз таўып алғаннан соң, бурынғы кеўиллесин жоқ етиўди жобаластырған.

Полиция еки адамның денесин де таба алмады. Деллен оларды өртеп жиберген деген болжаў бар. Соннан кейин суд оны бир өмирлик еркинен айырыў ҳаққында ҳүким шығарды.

Кейин Уэйн Миллердиң иси де қайта көрип шығылып, оның жанынан табылған қуралда Делленниң бармақ излери анықланған. Ал оның әкесин не ушын өлтиргени телефон қоңыраўлары арқалы тексерилген.

Айыпкердиң айтыўынша, ол әкесиниң бар пулын жаңа бизнеске тигиўине жол бергиси келмеген.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги