26-сентябрь күни Караөзек районы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында «Саламат шаңарақ – бахытлы шаңарақ» атамасындағы саламатландырыў илажы шөлкемлестирилди. Илаж Қарақалпақстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Соғлом авлод учун» қайырқомлык қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң «Арал бойы аймағы ушын инсан кәўипсизлиги бойынша көп шериклик қорын шөлкемлестириў арқалы Арал теңизи апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Д.Бекбаева, БМШ Бирликтеги Бағдарламасы ўәкили Р.Даўлетназаров жойбар тийкарында республикамызда алып барылып атырған жумыслары ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди.

Өткерилген илаж саламатлық темасына байланыслы сораў-жуўап викторинасы менен даўам етти ҳәм жеңимпазлар баҳалы саўғалар менен хошаметленди. Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм «Соғлом авлод учун» қорының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен УЗИ тексериў, ҳаяллар арасында ушырасатуғын онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў мақсетинде кольпоскопия, жүрек қан-тамыр системасы кеселликлерин анықлаўшы ЭКГ аппаратлары аймаққа алып келинип, тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен жыйналғанлар медициналық тексериўден өткерилди.

– Илажды өткериўден гөзленген мақсет, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жергиликли турғынларды толық медициналық тексериўден өткериў,  хаял-қызларда ушырасатуғын онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм олардың саламатлығын беккемлеў, экологиялық жағдайдың төменлеўи ҳәм ықлымның өзгериўи менен кең тарқалып атырған дем алыў жоллары, асқазан-ишек ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм ана-бала саламатлығы бойынша халықтың билимлерин асырыў арқалы кеселлениў көрсеткишлерин азайтыў болып табылады-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлау министриниң орынбасары Д.Бекбаева.

Илаж даўамында «Соғлом авлод учун» қайырқомлык қоры  тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақлар ушын керекли дәри-дармақлар ҳәм кийим-кеншеклер тарқатылды.

Н.ЖАМАЛОВ,

ҚМУ журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.