2018-жыл 27-сентябрь күни Нөкисте Өзбекстан Ғәрезсиз баспа ғалаба хабар қуралларын (ҒХҚ) ҳәм хабар агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры менен Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң шөлкемлестириўинде «Аймақлық басылымлардың жағдайын жақсылаў бойынша пикир ҳәм усыныслар» темасында семинар-тренинг болып өтти.

Оған республикамыздағы ғалаба хабар қуралларының басшылары, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Ғәрезсиз баспа ҒХҚ ҳәм хабар агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қорының бас қәнигеси С.Ҳуррамов, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң басқарма баслығының орынбасары М.Парпиев, Өзбекстан жәҳән тиллери университети Халықаралық журналистика факультетиниң доценти Н.Тошпўлатова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақлық басылымлардың бүгинги күндеги жағдайы, менежмент ҳәм маркетинг мәселелериндеги машқалалар, оны жақсылаў жоллары, ҒХҚ тәрепинен жол қойылып атырған нызамбузыўшылықлар бойынша өткерилген мониторинг жумысларының нәтийжелери, аймақлық басылымлардағы материалларды таярлаў мәселелери, журналистлик тексериўди алып барыў басқышлары ҳәм принциплери, елимизде алып барылып атырған реформалар үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда журналистиканың роли ҳәм ондағы кәсиплик этика мәселелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

– Бүгинги күнде барлық ҒХҚда елимизде жүз берип атырған реформаларды ҳәр тәреплеме талқылап, жедел жеткерип бериўде жаңа басқышқа көтерилмекте,-дейди эксперт Н.Тошпўлатова. – Халықаралық майдандағы  аймақлық басылымлардың  көрсеткишлери менен танысқанымызда, халықтың санына салыстырғанда газеталардың тиражы бойынша дүньядағы алдыңғы мәмлекетлердиң дизими бойынша Исландияда ҳәр бир мың адамға 795,7, Японияда 634,5, Норвегияда 626,3, Швецияда 583,4, Финляндияда 518,4, Қубла Кореяда 449,8, Данияда 442,9  газетадан туўра келеди екен. Өзбекстанда болса, бүгинги күнде жәми 665 газета орташа 3-5 миллион нусқада басып шығарылмақта. Демек усы санды 33 миллион адамға бөлип салыстырсақ шама менен 8,25 газетадан туўры келеди.

Илажда елимиздеги газеталарға жазылыў төменлиги, тиражы жылдың екинши ярымында, әсиресе, жылдың ақырына келип оғада кемейип кететуғынлығы атап өтилди.

Семинар-тренингте, қәнигелер тәрепинен өткерилген бақлаўлар ҳәм талқылаўлардан келип шығып, районлық газеталарды, сондай-ақ, республикалық газеталарды раўажландырыў, өзин-өзи тәмийинлеўи ушын оларда базар қатнасықларына муўапық түрде маркетинг ҳәм менеджмент бағдарларын енгизиў, газета бетлериниң дизайнинин түп-тийкарынан өзгертиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, илажда тараў қәнигелери жәмийетлик қадағалаўды орнатыўда, журналистлик тексериў өткериўде эмоционаллық қатнасықларсыз, кәсиплик этика, қағыйдаларға бойсынған ҳалда материал таярлаў мәселелери ҳаққында да түсиник берди.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)