Олий Мажлис Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисинде бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаўға байланыслы мәселелер де көрип шығылды.

Атап айтқанда сенаторлар «Ислам еллериниң стандартлар ҳәм метрология институтының Уставын ҳәм тәртип-қағыйдаларын (Станбул, 1999-жыл 7-ноябрь, 2017-жыл 7-май жағдайындағы өзгерислер менен) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Уставына киргизилген дүзетиўди (Абиджан, 2017-жыл 10-11-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Париж келисимин (Париж, 2015-жыл 12-декабрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамаларын ратификациялаў ҳаққындағы нызамларды көрип шықты.

Нызамлар сенаторлар тәрепинен мақулланды

ӨзА