Президент Шавкат Мирзиёев Президент Эмомали Раҳмон менен бирге Турсунзада қаласындағы «Талко» мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысы менен танысты.

Турсунзада қаласы, 27-сентябрь

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Алоуддин  Ғаффоров хабар етеди.

Бул завод дүньядағы ең ири алюминий ислеп шығаратуғын кәрханалардан бири. 2007-жылы завод «Тәжикстан алюминий заводы»нда жылына 105 мың тонна бирлемши алюминий ислеп шығарылып, тийкарынан экспорт етиледи. Буннан тысқары, 70 ден аслам түрдеги тутыныў товарлары таярланады. Ҳәзирги ўақытта 8 мыңға шамалас жумысшы мийнет ислемекте.

Быйылғы жылдың июль айында Өзбекстанның «Крантас групп» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен Тәжикстан алюминий компаниясы бирге ислесиўинде «Талко-Крантас» арнаўлы техника қуралларының заводы шөлкемлестирилди. Усы қоспа кәрханада автокранлар, трактор прицеплери, ярым тиркемелер ҳәм басқа да арнаўлы техника қураллары ислеп шығарылады.

Президентлердиң сапары даўамында усы перспективалы жойбардың презентациясы өткерилди.

04ca7099-762a-2b08-e96a-0dd2720b3012.jpg

05b58a80-a865-c473-aec2-63556f718ef0.jpg

54e067a2-5b73-b5d9-2083-da59033c163b.jpg

ӨзА