Президент Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен биргеликте Душанбе қаласында жаңадан ашылған бағ бенен танысып, Нуриддин Абдураҳман Жәмий ҳәм Низомиддин Әлишер Наўайы естелигиниң ашылыў мәресиминде қатнасты.

Душанбе, 27-сентябрь.

Өза ның арнаўлы хабаршысы Алоуддин Ғаффоров хабар етеди.

Өзбек ҳәм тәжик-бир дәрьядан суў ишип, бир ҳаўадан нәпес алып, өмирдиң ашшы-душшысын бирге татып киятырған, қаналас, дос халықлардан болып табылады.

Президент Шавкат Мирзиёев әмелге асырып атырған бәринен бурын жақын қоңсылар менен бирге ислесиўди беккемлеўге тийкарланған сиясат негизинде тек Өзбекстан мәпин қорғаў емес, ал еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў ҳәм буннан былай да беккемлеўдей жақсы мақсет жәмленген.

Президентимиздиң басламасы мене быйыл 7-март күни Самарқанд қаласындағы Әлишер Наўайы атындағы орайлық дем алыў бағында өзбек ҳәм тәжик әдебиятының еки уллы ойшылы-Әлишер Наўайы ҳәм Абдураҳман Жәмий естеликлери орнатылған еди. Мәмлекетимиз басшысының мине усы жақсы басламасына жуўап ретинде Душанбе қаласында Әлишер Наўайы атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы қурылып, онда еки уллы бабамыздың естелигиниң ашылғаны халықларымыз арасындағы дослық байланыслар беккемленип баратырғанының айқын көриниси болып есапланады.

Президентлер Абдураҳмон Жомий ҳәм Әлишер Наўайы естелигине гүллер қойып, данышпанлар естелигине ҳүрмет келтирди.

1db6d94a-8f84-f41e-e34d-726c102d602c.jpg

8525fec9-698e-6155-8589-c88415431259.jpg

ӨзА