Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында өзбек киносы шеберлери тәрепинен сүўретке алынған және бир тарийхый шахс ҳаққындағы «Исламхожа» тарийхый көркем-публицистикалық фильминиң премъерасы болып өтти.

Онда сөзге шыққанлар тарийхый фильмлердиң турмысымыздағы әҳмийети оғада үлкен екенлигин, ата-бабаларымыздың басып өткен жолы ел-халық ушын ислеген ийгиликли ислери, халқымыздың бай тарийхын өзинде сәўлелендиретуғын бир қатар фильмлерди сүўретке алыў илажлары даўам етип атырғаны ҳаққында жыйналғанларға мағлыўматлар берди.

Фильмниң постановкашы режиссёры Ж.Ахмедов.

18-әсирде жасаған Исламхожа атлы тарийхый шахстың өмир жолы, халқы ушын ислеген ийгиликли ислери ҳаққында сөз етиўши фильмде бас рольлерди У.Қодиров, А.Узақов, М.Матжанов, А.Шодиевалар атқарған.

Фильм жаслар ушын тарийхтың усы ўақытқа шекем сыр сақланған, айтыў қадаған етилген ўақыя-ҳәдийселерин ашып береди.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.