Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында ушырасыў өткерилди.

Онда тараў қәнигелери өрттиң алдын алыў, өртке алып келетуғын  жағдайларды сапластырыў ҳәм жаслардың қәўипсизлик қағыйдалары ҳаққындағы билимлерин жетилистириўге қаратты.

Өртти өширетуғын арнаўлы қурылма ҳәм техникалар менен оқыўшылар жақыннан таныстырылып, олардан пайдаланыў усыллары үйретилди.

Нөкис қаласы аймағында усы жылдың өткен дәўири ишинде жүзден аслам өрт шығыў ҳалатлары дизимге алынған болып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 15 процентке кемейгенин көрсетеди.

Өрт қәўпиниң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў ҳәмийше ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз болып есапланады. Бахытсыз ҳәдийселерден сақланыўымызда сергекликти жоғалтпаўымыз, көрсетилген өрт қәўипсизлиги қәделерине бойсыныўымыз талап етиледи.

Усындай илажлар басқарма тәрепинен республикамыздың барлық оқыў орынларында, пуқаралар жыйынларында, мәкеме ҳәм кәрханаларда өткерилди.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.