Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик фонд «Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўда пуқаралардың еркинликлерин, нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде жәмийетлик шерикликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў» темасында мәмлекетлик грантлар ажыратыў ушын қосымша таңлаў ЖӘРИЯЛАЙДЫ
Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан жәмийетлик әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи:
- «Ғәрезсизлик, ең дәслеп, ҳуқық», «Әдиллик – нызам үстинлигинде», «Халықтың мүрәжатлары – турақлы итибарда» сүренлери астында нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин орнатыў.
- Мәмлекетлик уйымларда мүрәжатлар менен ислесиў системасын жетилистириў, инсан ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў.
- «Мәмлекетлик уйымлар халық хызметинде» сүрени астында жәмийетте ҳуқықый мәдениятты ҳәм халықтың сана-сезимин арттырыўға, нызамға ҳүрмет, ҳуқықбузарлықларға қарсы сезимди күшейтиўге көмеклесиў.
- Ҳәрекетлер стратегиясының анық нәтийжелерин және либералластырыў процесслерин кеңнен сәўлелендириўге қаратылған материалларды таярлаў ҳәм басып шығарыў.
- Жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың, майып және кексе жастағы шахслардың әҳмийетли машқалаларын шешиўге қаратылған биргеликтеги режелер менен бағдарламаларды әмелге асырыў.
- Жәмийетте социалық хызмет көрсетиўдиң көлемин кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеў.
- Аўыллық районларда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўде, социаллық ҳәм турмыслық инфраструктураны жаратыўда, халықтың турмыс дәрежеси менен сапасын арттырыўда пуқаралардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў.
- Аналықты ҳәм балалықты қорғаўға, шаңарақ институтын беккемлеўге, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўға көмеклесетуғын комплексли илажларды әмелге асырыў, майып балалардың дүньяға келиўиниң алдын алыўды күшейтиў.
- Кепилликли медициналық хызмет көрсетиў үстинен жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели механизми менен инновациялық усылларын енгизиў.
- Денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде жәмийетлик қадағалаўды қәлиплестириў, заманагөй техникалар менен технологиялардан пайдаланған ҳалда олардың жумыс сапасын түп-тийкарынан жақсылаўға көмеклесиў.
- Шаңарақта саламат орталықты жетилистириў, бабаларымыздың руўхый-әдеп-икрамлылық мийрасын үгит-нәсиятлаў, ерте ҳәм жақын туўысқанлар арасындағы некелердиң алдын алыў, қәйинене ҳәм келин қатнасықларын беккемлеў.
- Унамсыз минез-қулыққа мейил болған жаслар менен ҳаял-қызлардың руўхый-әдеп-икрамлылық профилактикасын және жәмийетке бейимлесиўин күшейтиўде МКШ, өзин-өзи басқарыў уйымлары, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң социалық шериклигин арттырыў.
Мәмлекетлик грант ажыратылыўы ушын төмендеги ҳүжжетлерди усыныў зәрүр:
- Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
- www.fundngo.uz веб-сайтында орналстырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
- Соңғы өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Уставы
- Шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ҳаққындағы гүўалығының нусқасы.
- Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
- 3,4- ҳәм 5-бәнтлерде көрсетилген ҳүжжетлер басшы тәрепинен қол қойылған ҳәм шөлкемниң мөри менен тастыйықланған болыўы шәрт.
- Мәпдар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң өтинишлери, усыныс хатлары қосымша етилиўи мүмкин.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 25 миллион сумға шекем.
Ҳүжжетлер 2017-жылдың 12-сентябринен 12-октябрьге шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер «Өзбекистан почтасы» арқалы Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының атына жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 10016, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-үй.
Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фондтың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239–26–76, 239–26–64.