Өзбек жазыўшысы, драматург Қошқар Нарқабыл бизиң китапқумар халқымызға жақсы таныс.  Көп қырлы талант ийеси соңғы пайытлары елимиздиң дөретиўшилери менен әдебияттың драматургия жанрында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры менен нәтийжели бирге ислесип келмекте.

Академиялық театрымызда оның «Нур саяда қалмайды», «Суў көрмей етик шешпе», «Бир бала ҳәм бес ҳаял» сыяқлы турмысымыздың ҳәр қыйлы көринислерин қамтып алған пьесаларының избе-из сахналастырылып, тамашагөйлер тәрепинен жыллы күтип алынғанын, автордың заман қаҳарманын сәўлелендирген («Нур саяда қалмайды») дөретпеси «Сени жырлаймыз заманлас!» (2013-жылы) республикалық фестивалында сыйлы орынлардың бирин ийелегенин айрықша атап өтиўимизге болады.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында премьерасы болып өткен гезектеги «Гүл алмаған гөззаллар» комедиясы да мине, усы автордың қәлемине тийисли болып табылады.

Премьераны театрдың директоры Қ.Турдиев ашты.

Онда Қарақалпақстан халық жазыўшылары Ш.Уснатдинов, О.Әбдираҳманов ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Олар өз сөзинде дәслеп республикамызда салтанатлы түрде даўам етип атырған ең уллы ҳәм ең әзиз ғәрезсизлик байрамы менен жыйналғанларды қызғын қутлықлап, жақында ғана өзиниң 92-мәўсимин ашқан театр жәмәәтине табыслар тиледи ҳәм Қ.Нарқабылдың дөретиўшилик жолына кеңнен тоқтап өтти.

Әпиўайы сипсекеш ҳаялдың ишки монологы менен ашылған пердеде биз дерлик ҳаял-қызлардан ибарат киши жәмәәт жумыс ислейтуғын мәмлекетлик мәкемеге кирип барамыз. Өзлериниң кийиниў мәдениятына,  жумысына сезилерли дәрежеде немқурайдылық пенен қарайтуғын ҳаял-қызлар жаңа баслықтың келиўи менен аяғы күйген таўықтай тыпыршылап қалады. Ўақыялардың раўажланыўында таза баслыққа жағыныў ушын ҳәр қыйлы күлкили ҳәрекетлерди ислеп жүрген олар жаңадан келген сипсекешти де мисе тутпайды. Спектакльдиң кулминациялық ноқатында болса, роль ишинде роль ойнап жүрген әпиўайы сипсекеш Дилбардың жәмийеттеги белгили искер ҳаял, яғный, хызметкерлердиң жумысын бақлап жүрген, жаңа баслықтың өмирлик жолдасы екенлиги белгили болғаны жәмәәттиң өзлерине дурыс шешим шығарыўына алып келеди. Яғный, олар буннан былай да биринши гезекте, өзин ҳүрметлеў, соңынан аўызбиршиликте жумыс орнына жуўапкершилик пенен қараўды уғынады.

Биз қол шаппатлаўлар менен жуўмақланған премьра соңында автордың пикири менен қызықсындық.

–  Биринши гезекте, мен қарақалпақ халқы ҳаққында өз пикиримди билдириўди қәлеймен, – дейди Қ.Нарқабыл. – Дөретиўшилик бирге ислесиўимиз даўамында мына бир өзгешеликке исенимим кәмил болды, қарақалпаққа азғана ҳүрмет көрсетсең сени мойнына көтерип жүретуғын миймандос халық болып табылады.

Бүгинги премьераға келетуғын болсақ, тамашагөйлер жақсы күтип алды. Дурыс, спектакльде айырым кемшиликлердиң де болыўы итимал. Бул ҳаққында театр сыншылары менен көркем өнертаныўшылар өз баҳаларын береди, деп ойлайман. Премьраны сахналастырған Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, режиссёр С.Узақбаевқа миннетдаршылығым шексиз.  Шығарманың сәтли сахналастырылыўында тийкарғы өзекти қурайтуғын актёр-актрисалардың орны салмақлы болып табылады, әлбетте.  Өзиңиз тамашалағаныңыздай спектакльдиң тийкарын ҳаял-қызлардан ибарат актрисалар жәмәәти атқарды.  Усы жерде өзлерине берилген рольлерди кәмине келтирип атқарған актрисалардан С.Ғаниева (Назлым), Д.Жалғасбаева (Сәрбиназ), М.Мәтбетмуратова (Гўлий), И.Көмекбаева (Лола) ҳәм бас қаҳарман образын атқарған Ж.Пирлепешоваларды айрықша атап өте аламан. Әлбетте, ер актёрлардың атқарыўшылығы да унамлы. К.Алланазаров (Баслық), әсиресе, өзиниң комик ҳәрекетлери менен тамашагөйлерди күлдире алған С.Айымбетов (Палкер)тың актёрлық шеберлиги өз алдына болды. Сондай-ақ, декорация авторы жас художник Т.Шардеметовтың да аяқ алысы жаман емес.

Спектакльди сахналастырыўда  жақыннан жәрдем берген Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине, театрдың директоры Қ.Турдиевқа ҳәм улыўма театр жәмәәтине, сондай-ақ, пьесаны қарақалпақ тилине аўдарған әдебий хызметкер Г.Рахмановаға айрықша миннетдаршылығымды билдиремен. Келешекте туўысқан қарақалпақ халқы, соның ишинде, театр жәмәәти менен буннан былай бирге ислесиўимиздиң даўам ететуғынына исенемен.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы, белгили устаз, журналист Ш.Уснатдиновтың айтқанындай «Комедияға қурылған бул шығарманың тийкары терең мазмун-мәниске, үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе». Шынында да ҳәзирги күннен-күнге раўажланып атырған турмысымызды, жәмийетлик турмыстың ҳәр-қыйлы салаларын  әзиз ҳаял-қызларымызсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Олар үйде меҳрибан ана, жәмийетте белсене искер ҳәм келешегимиздиң, тиришилигимиздиң даўамшысы болып табылады.

Әлбетте, ҳәр бир шығарманың өз алдына қойған мақсети, тәрбиялық әҳмийети болады. Спектаклдеги сипсекеш ҳаял Дилбар (Ж.Пирлешова)дың атап өткениндей, сипсекеш тек  бөлмени тазалай алыўы мүмкин-дә, ал инсанның жүрегин, кеўлин тазалай алмайды. Ол тек ҳәр бир инсанның өзине ғана байланыслы. Жуўмақлап айтқанда бул шығарма бәримизди, әсиресе, ҳаял-қызларды өзиниң гөззаллығы, қәдир-қымбаты, сана-сезими, терең билими ҳәм өткир зейни менен шаңарақтағы және жәмийеттеги өз-орнын аңлаўға, қәлбин пәклеўге шақырады.

 

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Сүўретте премьерадан көринис