Усы жылдың 15-сентябрь күни республика аймағында «Автомобильсиз күн» акциясы өткериледи. Бул илаж Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-августтағы «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги күнин өткериў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселери профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы 701-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаға тийкарланып шөлкемлестириледи. Сол күннен баслап ҳәр айдың үшинши жума күнинде турақлы түрде акция өткериледи. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте.

Республика Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Ўктам Ўтаев бул ҳаққында төмендегилерди айтып өтти:

– Бул акцияны өткериўден мақсетимиз адамлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдан тысқары қоршаған орталықты қорғаўда жуўапкершилик сезимлерин оятыўдан ибарат. Биз «Автомобильсиз күн» акциясын өткериўден алдын 24 сырт елдиң тәжирийбесин үйренип шықтық. Айтып өтиў керек, раўажланған еллерде дем алыс күнлери велосипедлерден пайдаланылады. Усы дәстүрди енгизсек, ҳәммени бирлестире алсақ, елимиз экологиясына үлкен үлес қосқан боламыз.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, бул күни автомобильдиң ҳәрекетлениўи шекленбейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.