Өзбекстанда мәжбүрий мийнет бойынша төменги буўынлардағы өзбасымша басшыларды әшкаралаў мақсетинде ҳүкиметке жәрдем бериў ушын @paxta2018_bot мәнзилинде «Пахта-2018» атамасындағы арнаўлы бот ашылды. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев өз Telegram каналында хабар берди.

 

Егер:

– сизди жумыс, оқыў ямаса жасаў орныңыздан пахта теримине шығыўға мәжбүрлеп атырған болса;

– сизден пахтаға шықпаўға пул талап етип атырған болса;

– пахта атызларында балалар мийнетиниң гүўасы болған болсаңыз;

– өз қәлаўиңиз бенен еркин теримши сыпатында пахта теримине шыққан болсаңыз, бирақ жатақ жер, азық-аўқат, мийнет қорғаныўы бойынша жеткиликли шараятлар болмаса ямаса пахта терими ушын мийнет ҳақыңызды өз ўақтында бермей атырған болса;

– ҳәм усы сыяқлы басқа машқалалар жүзеге келген болса онда дәрриў хабар бериң, деп жазылған хабарда.

 

Ҳәр бир мүрәжат әлбетте көрип шығылады ҳәм машқаланы сапластырыў ушын тийисли шөлкемлер менен биргеликте жумыслар алып барылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.