Өзбекстанда мектеплерде ижараға берилген сабақлықлар ямаса оқыў-методикалық қолланбалар ижараға алыўшылар тәрепинен жойтып алынған ямаса пайдаланыўға жарамсыз жағдайға келтирилген болса, зыянның орны олар тәрепинен усындай сабақлықлар менен қапланады ямаса олардың қуны белгиленген муғдарларда төленеди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Бул төмендеги тәртипте әмелге асырылады:
– биринши класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлықлары ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын – оның бир есеси муғдарында;
– 2-4-класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын – оның еки есеси муғдарында;
– жоқары класс оқыўшыларының ҳәр бир сабақлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалары ушын – оның төрт есеси муғдарында.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.