Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты археология бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты, Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязовтың туўылғанының 70 жыллығына бағышланған кеше болып өтти.

Илажды Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, академик Н.Айымбетов басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев белгили археолог илимпазды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Буннан кейин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры М.-Ш. Қдырниязов, Австралияның Сидней университетиниң профессоры А. Беттс, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Археологиялық изертлеўлер институты директорының орынбасары Ф.Максудов, Самарқандтағы халықаралық Орайлық Азиялық изертлеўлер институтының жетекши қәнигеси А.Искандерова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илимпаздың елимизде илимди раўажландырыўдағы, соның ишинде, археологиялық естеликлерди ашыў ҳәм оларды қайта тиклеўдеги, жас қәнигелерди таярлаўдағы узақ жыллық жемисли мийнетине тоқтап өтти.

Ғ.Хожаниязов 1948-жылы Қараөзек районында туўылды. 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкергеннен кейин жоллама менен Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтынның археология бөлимине жумыс қабыл етиледи. Әскерий хызметти өтеп келгеннен кейин Москва мәмлекетлик университетинде, бурынғы аўқам Илимлер академиясының Археология институтында тәжирийбесин арттырады.

Оның ҳақыйқый археолог болып жетилисиўинде мийнет сүйгишлиги ҳәм талапшаңлығы болса, екиншиден, сол ўақыттағы устазларының жәрдеми айрықша болды. Археология илиминиң дәслепки сырларын  үлкемиздиң белгили илимпазлары В.Н.Ягодин, М.Мәмбетуллаев, Е.Бижановлардың  дала экспедицияларында үйренди.

Мине соннан қырық жылға шамалас ўақыттан бери  дала-археологиялық экспедициялық изертлеўлерге үзликсиз қатнасып келмекте. Соның менен бирге, өзи Қубла-Қарақалпақ, Арқа-Қарақалпақ, Миздакхан сыяқлы көплеген археологиялық экспедициялар шөлкемлестирип, изертлеўлер алып барды.

Уллы Сахыпқыран Әмир Темурдың туўылғанының 660 жыллығына бағышланып Түркменстанның Ташаўыз ўәлаяты, сондай-ақ, Хорезм ўәлаяты ҳәм республикамыз бойлап шөлкемлестирилген «Әмир Темур излерин бойлап» экспедициясына басшылық етти. ЮНЕСКО тәрепинен шөлкемлестирилген  «Уллы Жипек жолы-диалог жолы» халықаралық экспедициясына, Хийўа, Хожели, Шымбай қалаларының жасын анықлаў жумысларына қатнасты. Археологиялық изертлеўлер барысында ол тәрепинен бурын илимде белгисиз болған  Ақшүңгил (Қоңырат районы), Кетменши баба, Сулайман Хаддадий Мусевий ханақасы, мавзолейлер (Хожели районы), Дали қала, Ақшахан қаланың узын дийўалы, Свент төбе (Беруний районы), Топырақ қала Қ3 (Елликқала районы), әййемги зартуштийлердиң, сондай-ақ, қарақалпақлардың XV88-X8X әсирлерге тийисли мазарстанлары (Нөкис районы), Порлытаў (Шымбай), Сейит Несип ҳәм Мурат шайық минаралары (Қараөзек районы) сыяқлы естеликлер ашылды. Өзиниң илимий изертлеўлери арқалы илимде биринши рет  әййемги Хорезм фортификациясын бир системаға түсирди ҳәм оның Орайлық Азиядағы орнын анықлады. Халқымыздың ардақлы перзентлери Мурат шайық, Жийен жыраў, Өтеш шайыр, Әжинияз, Ережеп тентек Қулшы улы ҳәм басқалардың қәбирлери анықланды, оларға естелик белгилер орнатылды.

Ол бир нешше жергиликли ҳәм халықаралық грант жойбарларының қатнасыўшысы, олардың айрымларына өзи басшылық етпекте.  1995-жылдан бери Қарақалпақстан-Австралия халықаралық экспедициясының тийкарғы орынлаўшыларынан бири.

– Ақшахан қаланы изертлеўде белгили археолог Ғайратдин Хожаниязов пенен мине шерек әсирге жақын бирге ислесип киятырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди Сидней университетиниң профессоры Алисон Беттс.-Қам гербиштен қурылған естеликти қазыў жумысларын алып барыў айрықша мийнетти талап етеди. Бунда оның тәжирийбеси ҳәммемизге сабақ болды. Усы көз-қарастан қарағанда ол тек ғана Өзбекстандағы емес, ал бизиң Сидней университети жас илимпазларының да устазы есапланады. 

Археолог илимпаздың мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен жоқары баҳаланды.  «Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы» көкирек белгиси, «Меҳнат шуҳраты» ордени менен сыйлықланды. 2008-жылы елимиздиң ең жоқары «Өзбекстан Қаҳарманы» атағын алыўға мисар болды. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы.

Илаж соңында Ғайратдин Хожаниязов мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.