Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-сентябрь күни Беларусь Республикасы, Малайзия және Түркменстанның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери етип тайынланған Леонид Маринич, Хенди Ассан ҳәм Язгули Маммедовтан исеним жарлықларын қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы елшилерди мәмлекетимизде дипломатиялық миссиясын баслағаны менен шын жүректен қутлықлап, оларға бул мақтанышлы ҳәм жуўапкерли ўазыйпада үлкен табыслар тиледи.

Инсан мәплери жоқары қәдирият есапланған елимизде барлық тараўларда базар экономикасына тийкарланған мәмлекет қурыў ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.

Бундай тарийхый өзгерислердиң әҳмийетли нәтийжелери сыртқы сиясатта да айқын көзге тасланып атырғаны атап өтилди. Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық қатнасықларын беккемлеў ҳәм стратегиялық шерикликти жолға қойыў нәтийжесинде регионда пүткиллей жаңа сиясий орталық қәлиплести, өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары беккемленди, пайдалы ҳәм конструктвлик бирге ислесиўди кеңейтиў ушын имканиятлар көбеймекте.

Өз-ара саўда-экономикалық, инвестициялық, кооперациялық, мәдений-гуманитарлық байланыслар жедел раўажланбақта.

Өзбекстанның дүньядағы көплеген еллер, соның ишинде, жетекши мәмлекетлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтлары менен байланыслары сапалы жаңа, жоқары басқышқа көтерилди.

Президентимиз өз сөзинде жаңа елшилер ўәкили болған мәмлекетлер менен дослық ҳәм әмелий бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларына тоқтап өтти.

Мәмлекетимизде Беларусь Республикасы менен ҳәр тәреплеме шерикликти избе-из кеңейтиўге айрықша әҳмийет қаратылып атырғаны атап өтилди.

Быйыл еллеримиз арасында товар алмасыў көлеми дерлик 4 есеге артты. Экономиканың түрли тармақларында перспективалы қоспа жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Аймақлараралық байланыслар жолға қойылған, гуманитарлық алмасыўлар жеделлеспекте.

Мәмлекетимиз басшысы Беларусь Президенти Александр Лукашенконың Өзбекстан Республикасына болажақ рәсмий сапары мәмлекетлер аралық қатнасықларымыз тарийхында жаңа бет ашатуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Малайзия менен көп қырлы бирге ислесиўди раўажландарыўдан мәпдар.

Сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда, инвестиция, инновация, энергетика, транспорт, медицина ҳәм басқа да тараўларда қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде туризм тараўы, әсиресе, зыярат туризми бойынша нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Президентимиз Түркменстан менен дослық ҳәм жақын қоңсышылыққа тийкарланған дәстүрий жақын қатнасықлар еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрарының нәтийжесинде стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин айрықша атап өтти.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳаммедовтың усы жылдың апрель айында Өзбекстанға әмелге асырған табыслы мәмлекетлик сапары еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда тарийхый ўақыя болды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық, саўда, транспорт ҳәм транзит, энергетика, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда Өзбекстан-Түркменстан бирге ислесиўи кеңейип бармақта. Мәмлекетлеримиз шегараалды аймақлары арасындағы исбилерменлик байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўлар және де жеделлести.

Өзбекстан Республикасы Президенти жаңадан тайынланған елшилерди бай тәжирийбеси, билими ҳәм нәтийжели дипломатиялық жумысы мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды ҳәр тәреплеме беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Өз гезегинде жаңа тайынланған елшилер шын жүректен қабыл еткени ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да раўажландырыўға бар күш-ғайратын жумсайтуғынын атап өтти.

 

ӨзА