Өзбекстан Республикасы Нызамшылығы менен тарқатылыўы қадаған етилген информация орын алған Интернет тармағы веб-сайтынан ҳәм (ямаса) веб-сайт бетлерине пайдаланыўды шеклеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Пүткил жәҳән Интернет тармағында информация қәўипсизликти буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министирлигиниң «Ҳуқуқый ахборот» каналы хабар бермекте.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Нызамшылығы менен тарқатылыўы қадаған етилген информация орын алған Интернет тармағы веб-сайтынан ҳәм (ямаса) веб-сайт бетлерине пайдаланыўды шеклеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Реже бойынша, Қадаған етилген информация орын алған пүткил жәҳән Интернет тармағындағы информациялық ресурслардың реестри жүргизиледи. Бул Реестрге киргизилген информациялық ресурслардан пайдаланыў шекленеди.
Интернеттеги информациялық ресурслардан пайдаланыўды шеклеў үш басқышта әмелге асырылады.
Биринши басқышта, қадаған етилген информация орын алған ресурслар анықланады. Бул басқыштағы ҳәрекетлер Ғалаба коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайы тәрепинен әмелге асырылады. Орайға юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен белгиленген тәртипте келип түскен мүрәжатлар да мониторинг алып барыўға тийкар болады.
Мониторинг нәтийжесинде қадаған етилген информация болған Интернет тармағы информациялық ресурс анықланған жағдайда Орай бул бойынша жуўмақ таярлайды.
Екинши басқышта, информациялық ресурс Реестрге киргизиледи. Реестиргее киргизиўге киргизиў ушын Ғалаба коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайының жуўмағы және Ғалаба коммуникациялар тараўындағы экспертлик комиссияның қарары тийкар болады.
Үшинши басқышта, ўәкилликли уйым – Информация технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен Интернет тармағындағы информациялық ресурсларды шеклеў бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажлар әмелге асырылады.
Еслетип өтемиз, нызамшылыққа муўапық веб-сайттың ҳәм (ямаса) веб-сайт бетиниң ийеси, соның ишинде блогер тәрепинен веб-сайтта ҳәм (ямаса) веб-сайт бетинде төмендеги информацияларды тарқатыў, усы ресурсты шеклеўге алып келеди:
Өзбекстан Республикасының әмелдеги Конституциялық дүзимин, аймақлық пүтинлигин зорлық пенен өзгертиўге шақырыў;
урыс, зорлық-зомбылық ҳәм терроризмди, сондай-ақ, диний экстремизм, сепаратизм ҳәм фундаментализм идеяларын үгит-нәсиятлаў;
мәмлекетлик сыр болған мағлыўматларды ямаса нызам менен қорғалатуғын басқа да сырды жәриялаў;
миллий, расалық, этникалық ҳәм диний қарама-қарсылық келитирип шығаратуғын сондай-ақ, пуқаралардың қәдир-қымбатына ҳәм белсендилик абырайына зыян келтиретуғын, олардың жеке турмысына араласыўға жол қоятуғын мәлимлемени тарқатыў;
нәшебентлик қураллар, психотроп затлар ҳәм прекурсорларды үгит-нәсиятлаў;
порнографияны үгит-нәсиятлаў.
Веб-сайттың ҳәм (ямаса) веб-сайт бетиниң ийеси, соның ишинде блогер веб-сайтқа ҳәм (ямаса) веб-сайт бетине информацияны жайластырыўдан бурын оның дурыслығын тексериўи, сондай-ақ, жайластырылған информацияның надурыслығын анықлаған жағдайда оны дәрҳал өширип таслаўы шәрт.
ӨзА