USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 24 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН – ЕГИПЕТ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИНДЕ ЖАҢА БАСҚЫШ БАСЛАНБАҚТА

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ Саид Ҳусайн Халил ас-Сиси 4-5-сентябрь күнлери рәсмий сапар менен елимизде болды.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 5-сентябрь күни  Көксарай резиденциясында болды.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёевтиң Абдулфаттоҳ ас-Сиси менен тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды қутлықлап, бул сапар еллеримиз арасындағы байланысларда тарийхый ўақыя екенин атап өтти.

– Биз Египетти әййемги цивилизация бесиги, бай тарийхқа ҳәм жоқары потенциалға ийе мәмлекет деп билемиз. Халықларымыздың мәдений жақынлығы әййемги заманларға барып тақалады. Ата-бабаларымыз биргеликте илимди раўажландырған, мәдений бирге ислесиў, саўда-сатық еткен. Буған тарийхта мысаллар жүдә көп. Бүгин Өзбекстан-Египет бирге ислесиўинде жаңа басқыш, әмелий ислер дәўири басланбақта, – деди Шавкат Мирзиёев.

– Бәринен бурын, Өзбекстанға мирәт еткениңиз ушын миннетдаршылық билдирмекшимен, – деди Абдулфаттоҳ ас-Сиси. – Мәмлекетиңизге келген дәслепки минутлардан-ақ өзимди елимдегидей сездим. Египет халқы елиңиз бенен мың жыллық тамырлас тарийхқа ийе Өзбекстан ҳәм оның халқын оғада ҳүрмет етеди. Бул сапар етиў тек ғана өз-ара бирге ислесиўимизди беккемлеўге хызмет етип қоймастан, ал барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге түртки болады, деп ойлайман. Биз қатнасықларымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыўдың тәрепдарымыз.

Өзбекстан ҳәм Египетти, ара узақ болса да, тарийхый-мәдений тамырласлық, дәстүрий дослық ҳәм жақын бирге ислесиў бирлестирип турады. Египет президентиниң елимизге дәслепки сапар етиўи әне усындай әзелий байланысларды бүгинги заман талапларынан келип шыға отырып, жаңа тийкарда раўажландырыўға хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Мәмлекетлеримиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириўге айрықша итибар бермекте. Соның ишинде,  Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 2016-жыл октябрь айында Ташкентте өткен 43-сессиясында Египет делегациясы қатнасты. Усы мәмлекеттиң жетекши экспертлери елимиздеги сайлаўларға бақлаўшы сыпатында турақлы қатнасып келмекте.

Регионаллық ҳәм глобаллық мәселелерге қатнаслар да уқсас ямас жақын. Өзбекстан ҳәм Египет Аўғанстанда тек ғана усы мәмлекет халқы тәрепинен тынышлық орнатыў процесслери әмелге асырылыўының тәрепдары болып табылады.

Аўғанстанда беккем тынышлық ҳәм турақлылық орнатыў жолындағы ҳәрекетлерди бирлестириў, бул мәселелер бойынша сыртқы ислер министрликлери арасында турақлы тийкарда сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткерип барыўға келисип алынды.

Президентлер қәўипсизлик машқалаларына айрықша итибар қаратты. Терроризм, экстремизм, нызамсыз миграция, нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиўге байланыслы мәселелерди ҳәр тәреплеме додалады.

Өзбекстан ҳәм Египет Президентлериниң кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлеринде саўда-сатық ҳәм инвестициялық тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў, сол мақсетте еллеримиздиң имканиятларынан кең ҳәм нәтийжели пайдаланыў мәселелери додалаў орайында болды.

Экономикалық бирге ислесиў мәмлекетлераралық қатнасықлардың әҳмийетли структуралық бөлими есапланады. Еки мәмлекет арасында саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм товар алмасыў көлемин арттырыўға қаратылған ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр. Сөйлесиўлерде атап өтилгениндей, саўда көлемин жақын жылларда кеминде он есеге арттырыў ушын ҳәр тәреплеме пайдаланылмай атырған үлкен имканиятлар бар.

Өзбекстан Египетке оның базарында талап жоқары болған электротехника, машина қурылысы, металлургия, химия ҳәм нефть-химия, жеңил санаат, азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да өнимлерди экспорт етиўи мүмкин. Египетте болса елимизге дәри-дәрмақ, медицина үскенелери, гилемлер, мебельлер, нефть-химия өнимлери, мрамор, керамика, тери ҳәм пластикалық өнимлерди экспорт етиўдиң имканиятлары жоқары.

Еки мәмлекеттиң жуўапкер уйымларына саўда айланысына қолайлы шараят жаратыў, товар айланысы структурасын толық диверсификациялаў ҳәм оның көлемин кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Аўыл хожалығы тараўында илимий излениўлердиң нәтийжелерин ҳәм алдынғы тәжирийбелерди алмасыўға бирге ислесиўге келисип алынды. Исбилермен топарлар ўәкиллериниң Өзбекстан ҳәм Египетте өткерилетуғын көргизбе-ярмаркаларға қатнасыўы хошаметленеди.

Египет Президентиниң сапар етиўи шеңберинде болып өткен Өзбекстан – Египет бизнес-форумы әне усы сөйлесиўлердиң ажыралмас даўамы болды. Бул форумда улыўма баҳасы 400 миллион доллардан зыят шәртнамаларға қол қойылды. Бул да экономикалық тараўда үлкен имканият ҳәм ресурслар бар екенинен дәрек береди.

Мәмлекетлеримиз әййемде Уллы жипек жолының тийкарғы тармақлары болған. Бүгинги күнде сыртқы базарларға тез ҳәм нәтийжели шығыўды тәмийинлейтуғын транспорт ҳәм транзит жолларын раўажландырыў мәмлекетлеримиз арасында саўда көлемин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул орында халықаралық суў жолы сыпатында Суэц каналының әҳмийети айрықша. Суэц каналындағы экономикалық зона Өзбекстан өнимлерин дүнья базарына алып шығыўды жеңиллетиўде қолай имканият жаратады.

Өз-ара саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиўде аймақлараралық бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе. Сөйлесиўлерде Наманган ҳәм Искандария ўәлаятлары арасында тиккелей бирге ислесиў орнатыў, жақын күнлерде бул ўәлаят делегациясының елимизге сапар етиўин шөлкемлестириўге келисип алынды.

Египет туризм тараўында үлкен потенциал ҳәм тәжирийбеге ийе ел. Бүгинги күнде Өзбекстанда да бул тармақ жедел раўажланбақта. Сөйлесиўлерде бул тараўдағы байланысларды кеңейтиў, Өзбекстандағы әййемги қалалар ҳәм муқаддес орынларды зыярат етиў ушын Египет туристлерин көбейтиў мүмкин екени атап өтилди. Ташкент, Каир ҳәм Хургада арасында авиақатнаўларды жолға қойыў мәселеси додаланды.

Маўереннаҳр ҳәм Египет диярында жасап дөретиўшилик пенен шуғылланған уллы бабаларымыздың теңсиз илимий-ағартыўшылық мийрасы пүткил мусылман дүньясының бийбаҳа байлығы болып табылады. Усы жерде уллы бабамыз Аҳмад Фарғанийдиң Египетте жасап, өлмес ашылыўлар алып барғаны, соның ишинде, Нил дәрьясының суўын өлшейтуғын қурылма – «Миқёси Нил»ди жаратқаны бүгинги әўладларға үлкен мақтаныш бағышлайды. Каир қаласында, уллы Нил бойында Аҳмад Фарғаний бабамызға орнатылған саўлатлы естелик бүгин халықларымыз арасында әзелий дослықтың айқын белгисине айланған.

Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиў  бойынша да унамлы нәтийжелерге ерисилди. Ал-Азҳар университети ҳәм басқа да илимий-изертлеў мәкемелери менен Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ислам цивилизациясы орайы арасында жедел бирге ислесиў орнатыўға келисип алынды.

Сөйлесиўлерде халықларымыздың руўхый жақынлығын есапқа алып, қоспа мәдений илажларды көбейтиў, ҳәзирги ўақытта, билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, туризм, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўларда өз-ара байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң Бирликтеги билдириўи қабыл етилди.

Мәмлекетлеримиз арасында жаслар, спорт, инвестиция, аўыл хожалығы тараўларында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумларына, билимлендириў, туризм, археология, мәдений мийрас ҳәм музейтаныў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған келисимлерге, еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери арасында 2019-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына ҳәм әдиллик министрликлери арасында бирге ислесиў сыяқлы меморандум сыяқлы жәми 12 ҳүжжетке қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президентлердиң сөйлесиўи ашық-айдын, досларша ҳәм әмелий руўхта өткени, бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы кең көлемли мәселелер додаланғанын атап өтти. Қол қойылған ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Египеттиң узақ мүддетли мәплерине, еллеримизди раўажландырыў ҳәм халықларымыз абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

– Египет Президентиниң Өзбекстанға сапары еллеримиз арасындағы қатнасықларда тарийхый әҳмийетке ийе болды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Биз еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы ҳәм халықаралық және регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алыстық. Бул келисимлер Өзбекстан менен Египет арасындағы қатнасықларды сапа ҳәм мазмун жағынан байытып, өз-ара пайдалы бирге ислесиўимизди жаңа, жоқары басқышқа көтериўге хызмет етеди, деп ойлайман.

– Өз-ара қызғын сөйлесиў ҳәм Египет делегациясына көрсетилген миймандослық ушын Өзбекстан Президентине ҳәм халқына миннетдаршылық билдиремен, – деди Абдулфаттоҳ ас-Сиси. – Бүгин қол қойылған ҳүжжетлер жақын келешекте еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң көлемин кеңейтиўге ҳәм жеделлестириўге хызмет етеди. Бул келисимлер еллеримиз ҳәм халықларымыздың бир-бирине уқсас умтылысларының нәтийжеси болып табылады.

Абдулфаттоҳ ас-Сиси Шавкат Мирзиёевти рәсмий сапар менен Египетке мирәт етти.

Соның менен Египет Араб Республикасы Президентиниң мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы