ӨзбекстанРеспубликасы Министрлер Кабинетинде Бас министр А.Ариповтың басшылығында 2018-жыл пахта зүрәәтин жыйнап-терип алыў жумысларын шөлемлескенлик пенен әмелге асырыўға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда министрликлер менен уйымлардың басшылары, тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Быйылғы жетистирилген пахта зүрәәтин жыйнап-терип алыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен әмелге асырыўға, жыйын-теримде қатанасатуғын теримшилердиң материаллық қызығыўшылығын тәмийинлеўге ҳәм пахта жетистиретуғын хожалықлардың финанслық жағдайын буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бурын пахта мәўсиминде теримшилерге мүнәсип ҳақы төленбеген. Жеп-ишиў, жасаў шараятлары толық жаратып берилмеген. Быйыл бундай кемшиликлерге, қәтеликлерге жол қойылмайды. Пахта териўшилерге мүнәсип ҳақы төленеди. Зәрүр шараятлар жаратып бериледи.
Мағлыўматларға қарағанда, пахтаның машинада терилген бир тоннасы ушын 400 мың сум хызмет ҳақы төленеди. Қолда терилген бир килограмм пахта ушын биринши басқышта контрактация шәртнамасы миннетлемеси 60 процентке шекем орынланғанға шекем 650 сум, екинши басқышта 60 проценттен 80 процентке шекем 850 сум, үшинши басқышта 80 проценттен артқанда 1000 сум мийнет ҳақы төленетуғыны белгиленди.
Соның менен бирге, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары, Қашқадәрья ўәлаятының Косон, Мүбәрек, Нишон, Касби районлары, Сурхандәрья ўәлаятының Қизириқ ҳәм Музработ районларында (пахта-тоқымашылық өндирис шөлкемлери жумыс ислеп атырған аймақлардан тысқары) теримшилерди пахта жыйын-теримине қосымша түрде тартыў мақсетинде Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры есабынан қолда терилген бир килограмм пахта ушын теримшиге қосымша 150 сум үстеме ҳәм азық-аўқат өнимлери ушын 150 сум, жәми 300 сум муғдарында нақ ақшада күнлик үстеме ҳақы төленеди. Быйыл пахта терими ушын төленген ақшадан салық алынбайды. Теримши толық мийнет ҳақысын алады. Терим ақшалары ҳәр бес күнде, зәрүр болғанда ҳәр күни берилиўи тәмийинленеди.
Быйылғы пахта жыйын-терими ушын 26 мыңдан аслам терим отряды дүзилип, 2 миллионнан аслам теримшиниң тартылатуғыны атап өтилди. Қәлеген адам ықтыярлы түрде мийнет дем алысына шығып, пахта жыйын-териминде қатнасыўы мүмкин. Онда ол белгили бир терим отрядына бириктириледи, мийнет шәртнамасы дүзиледи ҳәм толық мийнет ҳақысын алыў имканиятына ийе болады.
Мәмлекет талаплары ушын контрактация шәртнамаларында белгиленген муғдардан артықша тапсырған фермер хожалықларына пахта шийки затын сатып алыў баҳаларына 15 процент муғдарында үстеме төленеди.
18 жасқа толмаған жаслар, улыўма билимлендириў мектеплери ямаса басқа да билимлендириў мәкемелериниң оқыўшыларын және муғаллимлерин, медицина хызметкерлерин пахта жыйын-теримине тартыў қатаң қадаған етилетуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, халықты мәжбүрлеп пахта теримине алып шығыўға жол қойылмайды. Бундай жағдай бақланғанда тийисли жаза шаралары қолланылады. Теримшилерди түслик, ишимлик суўы менен тәмийинлеў, пахта атызына алып барыў ҳәм алып келиў фермер хожалығы тәрепинен әмелге асырылады.
Пахта жыйын-терими мәўсиминде Министрлер Кабинетинен ўәкиллер бириктирилип, белгили бир аймақларға жибериледи. Бул ўәкил ол жердеги мийнет шараятларын қадағалап, методикалық түсиниклер ҳәм мәсләҳәтлер береди, қойылған ўазыйпалардың ўақтында ҳәм анық орынланыўын үйренеди. Прокуратурадан бириктирилген хызметкерлер мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, фермерлер менен теримшилердиң мәпин қорғаў бойынша жумысларды әмелге асырады.
Бас министр усы жумысларды системалы ҳәм шөлкемлескенлик пенен әмелге асырыў, адамлардың пикирин ҳәм көзқарасын өзгертиў, тәртип бузылыў жағдайларында тез мәлимлеме бериўде ғалаба хабар қураллары ҳақыйқый жәрдемши болыўы зәрүрлигин атап өтти.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзА ның хабаршысы