USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 24 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЕКИ ЕЛ РӘСМИЙ ДЕЛЕГАЦИЯЛАРЫНЫҢ СӨЙЛЕСИЎЛЕРИ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Өзбекстан ҳәм Египет Президентлери сөйлесиўлерди еки елдиң рәсмий делегациялары қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирмекте.

Онда саўда-экономикалық, инвестициялық, инновациялық ҳәм илимий-техникалық, туризм ҳәм мәденият тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер көрип шығылмақта.

Экономикалық бирге ислесиў мәмлекетлераралық қатнасықлардың әҳмийетли структуралық бөлеги болып есаланады. Еки ел арасындағы саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыўға ҳәм товар алмасыў көлемин арттырыўға қаратылған ис-ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр. Сөйлесиўлерде атап өтилгениндей, саўда көлемин жақын жылларда кеминде он есеге арттырыў ушын тәреплерде барлық имканиятлар ҳәм резервлер бар.

Өзбекстан Египет базарында талап жоқары болған электротехника, машина қурылысы, металлургия, химия ҳәм нефть-химия, жеңил санаат, азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да өнимлерди экспорт етиўи мүмкин. Египетте болса елимизге дәри-дәрмақ, медицина үскенелери, гилемлер, мебеллер, перделер, нефть-химия өнимлери, санлы хызметлер, мрамар, керамика, тери ҳәм пластик өнимлерди экспорт етиў имканиятлары жоқары.

Еки мәмлекеттиң жуўаплы уйымларына саўда айланысына қолайлы шараятлар жаратыў, товар алмасыў структурасын толық диверсификациялаў ҳәм оның көлемин кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Аўыл хожалығы тараўында илимий излениўлердиң нәтийжелерин ҳәм алдыңғы тәжирийбелерди алмасыў бағдарында бирге ислесиўге  келисип алынды. Исбилермен топарлар ўәкиллериниң Өзбекстанда ҳәм Египетте өткерилетуғын көргизбели-ярмаркаларда қатнасыўы, еки мәмлекет регионлары арасында өз-ара бирге ислесиў хошаметленди.

Египет Президентиниң сапары шеңберинде өтип атырған Өзбекстан-Египет бизнес-форумы мине усы сөйлесиўлердиң үзликсиз даўамы болды. Усы форумда 400 миллион доллардан аслам шәртнамаларға қол қойылды. Бул да экономикалық тараўда үлкен имканиятлар менен ресурслардың бар екенлигинен дәрек береди.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА