Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығы мүнәсибети менен ҳуқық қорғаў уйымлары, қорғаныў ҳәм айрықша жағдайлар министрликлери хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының прокуратура органлары тергеў тармақлары жумыслары үстинен қадағалаў бөлими баслығының орынбасары Лепесбай Есемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы мәмлекетлик салық инспекциясы Юридикалық шахслар салық ҳәкимшилиги ҳәм камерал қадағалаў бөлими мәмлекетлик салық бас инспекторы Балтабай Матчанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлық ишки ислер бөлими профилактикалық инспекторы Алпысбай Турдымуратов «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.