Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы менен  танысты.

Ташкент ўәлаятында быйылғы жылы 622 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Төменгичирчиқ районында велосипед ислеп шығарыў жойбары солардан бири болып есапланады. Қытайлы инвесторлар менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын бул кәрханаға 80 миллион доллар инвестиция бағдарлаў, 260 миллион долларлық өним экспорт етиў режелестирилген.

Шавкат Мирзиёев бул жойбарға айрықша итибар қаратты. Велосипед ислеп шығарыўды көбейтип, жол бойларында жоллар  шөлкемлестирип, велосипедте жүриўди ғалаба ен жайдырыў зәрүрлигин атап өтти.

«Бул денсаўлық дегени. Адамларымыз тек ғана машиналарда жүрмей, көбирек велосипед айдаса, жүреги бақуўат болады, өмири узаяды. Соның ушын бул кәрхананы иске қосыўды тезлестириў керек» деди Президент.

Кәрхананың қурылысы быйыл октябрьде басланады.

Мәмлекетимиз басшысы санаат, аўыл хожалығы, транспорт, туризм тараўларына байланыслы жойбарлар бойынша да жуўапкер хызметкерлерге тапсырмалар берди.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Баспасөз хызмети хабар етпекте.

ӨзА