Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-август күни автомобиль транспорты тараўында басқарыўды жетилистириў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, транспорт хызметлери көлемин кеңейтиў мәселелери бойынша өткерилген жыйналыста Транспорт министрлигин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берген, деп хабар бермекте ӨзА.

Транзит жүк тасыў базарында бәсекини арттырыў мәселелерин додалаў даўамында елимиз аймағы арқалы өтип атырған экспорт-импорт ҳәм транзит жүклериниң 11 проценти ғана миллий тасыўшылардың үлесине туўра келиўи, магистраль жол инфраструктурасының раўажланбай атырғаны, жолларда жанар май қуйыў шақапшалары ҳәм мийманханалар жетерли емеслиги сынға алынған.

Жыйналыста «Өзавтотранс» агентлиги тәрепинен транспорт тараўын раўажландырыўды комплексли көрип шығыў бойынша мәмлекетлик сиясатты жүргизиў системасы елеге шекем жолға қойылмағаны атап өтилген.

Сол себепли, автомобиль, темир жоллары ҳәм ҳаўа жоллары, метро ҳәм дәрья транспорты жумысын өз ара муўапықластырыўшы, бул бағдарда бирден-бир сиясат алып барыўшы мәмлекетлик органды шөлкемлестириў зәрүр.

Жуўапкер шахсларға Транспорт министрлигин шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылды, деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.