2018-2019-оқыў жылы ушын белгиленген 82 900 орынға 69 516 абитуриент студент болып кирген. Бул жағдай бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы Абдували Холиқов түсиник берди, деп жазады Kun.uz сайты.
– 2018-2019-оқыў жылы ушын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына жәми 679 979 абитуриент ҳүжжет тапсырған. 13 күн даўамында өткерилген тест сынақларында 69 516 абитуриент студентликке қабыл етилди. Бирақ, биз 82 900 қабыллаў квотасын белгилеген едик. Техника бағдарларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ең жоқары баллдың 30 процентин (56,7 балл) де топлай алмаған. Нәтийжеде республика бойынша ажыратылған қабыллаў квоталарының 13 мыңнан асламы бос қалды, – деп айтып өткен басқарма баслығы.
Еслетип өтемиз, республикамыздың жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 5-санлы протоколы тийкарында тест сынақларында кириў ушын жеткиликли балл топлай алмаған, бирақ ең максимал баллдың 30 процентин топлаған абитуриентлерге жоқары билим алыў имканын бериў мақсетинде 276 бағдарда жәми 11 түрли муғдарда арттырылған төлемли контракт муғдары тастыйықланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.