Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшыларынан қызғын қутлықлаўлар келмекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына табыслар, Өзбекстан халқына раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп, жақсы нийетлер билдирилген.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент Мырза!

Қытай Халық Республикасы ҳүкимети ҳәм халқы атынан, жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм дос Өзбекстан халқын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўға ҳәм ең жақсы тилеклерди билдириўге рухсат еткейсиз.

сизиң басшылығыңызда Өзбекстанда турақлы сиясий орталық бақланбақта, барлық бағдарларда жедел реформалар әмелге асырылмақта, экономикалық раўажланыў пәтлери күн сайын артып бармақта, соның нәтийжесинде халықтың абаданлығы турақлы артпақта, мәмлекет қурылыс тараўында табыслар қолға киргизилип, елдиң дүнья көлеминдеги абырайы жоқарыламақта. Қытай Өзбекстанның жақсы қоңсысы, исенимли бирге ислесиўшиси ҳәм жақын досты сыпатында олардың барлығынан оғада қанаатланбақта.

Мен Қытай-Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратып келмектемен, Сиз бенен арамыздағы шын жүректен исшең мүнәсибетимизди ҳәм жеке дослығымызды жоқары қәдирлеймен. Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң жақында Циндао қаласында болып өткен саммити шеңберинде биз нәтийжели ушырасыў өткердик, бир қатар әҳмийетли келисимлерге еристик, булардың барлығы Қытай ҳәм Өзбекстан қатнасықларының раўажланыўына жаңа ҳәрекетлендириўши күш бағышлады. Қытай-Өзбекстан арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын еллеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында раўажландырыўда жаңа нәтийжелерге ерисиў ушын ис-ҳәрекетлеримизди Сиз бенен биргеликте жумсаўға таярман.

Дос Өзбекстанға раўажланыў ҳәм күш-қүдирет, халқыңызға бахыт-ығбал ҳәм тынышлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Улы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Сизди ҳәм Өзбекстан халқын үлкен қанаатланыўшылық пенен Ғәрезсизлик күни менен қутлықлайман. Америка Қурама Штатлары елиңиздиң ғәрезсизлиги, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигиниң қатаң тәрепдары болып қалады ҳәм биз Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 27 жыллығын еркин ҳәм жедел раўажланып баратырған мәмлекет сыпатында белгилеп атырғаныңыздан қуўанышлымыз.

Өткен 27 жыл даўамында бизиң қатнасықларымыз избе-из раўажланды ҳәм усы жылдың март айында Сизиң Ақ үйге тарийхый сапарыңыз оның ең жоқары басқышы болды. Мен Сиз бенен ушырасқанымнан, региондағы улыўмалық қәўип-қәтерлерди шешиў ушын стратегиялық шериклигимизге жаңа пәт бағышлаў имканиятынан қанаатландым. Сондай-ақ, Сизди сиясат, экономика ҳәм инсан ҳуқықлары тараўларында әмелге асырылып атырған, Өзбекстан халқының раўажланыўы ҳәм абаданлығы және тыныш раўажланыў арқалы гүллеп-жаснаўы ушын беккем тырнақ болып хызмет ететуғын кең көлемли реформаларыңыз бенен қутлықлайман.

Биз 1-сентябрь күни шерикликте өткен жылларымызға миннетдаршылық бенен нәзер таслаймыз ҳәм келешекте жүзеге келетуғын жаңа имканиятларды асығып күтемиз. Америка халқының атынан Америка Қурама Штатларының Өзбекстанның турақлы раўажланыўы ҳәм демократиялық жоқарылаўы жолындағы жумысларымызды биргеликте даўам еттиремиз, деп шын жүректен исеним билдириўге рухсат еткейсиз.

Ҳүрмет пенен,

Дональд Ж.Трамп,

Америка Қурама Штатлары Президенти

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.