Жақында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм партияның «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен Қараөзек районлық Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» сурени астында ҳаял-қызлар форумы өткерилди.
Форумда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллери, партия ағзалары, райондағы мәкеме, шөлкемлерден келген белсенди ҳаял-қызлар, партияның “Жаслар қанаты”, «Ҳаял-қызлар қанаты» ағзалары, өнерментлер, спортшы жаслар, мәденият тараўы ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары партияның белсенди ҳаял-қызлар тәрепинен таярланған миллий өнерментшилик үлгилерин, олардың жетискенликлерин сәўлелендирген көргизбе менен жақыннан танысты.
Форумды өткериўдеги тийкарғы мақсет – жәмийетте ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыў, өзиниң ҳәр тәреплеме шеберлигин, билимин көрсете билген ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда, миллий өнерментшилигимизди раўажландырыў бойынша жетискенликлерге ерискен ҳаял-қызлардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларға зәрүр шараятларды жаратыў ҳәм оларды хошаметлеўден ибарат.
Форум даўамында түрли тараўларда өзиниң интеллектуаллық потенциалы ҳәм излениўшеңлиги менен басқаларға үлги болып киятырған билимлендириў, көркем өнер, илим, өнерментшилик, спорт тараўларында табысқа ерискен ҳаял-қызлар хошаметленип, партияның Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Форум қатнасыўшыларына көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги