Беларусь Республикасы Бас министриниң орынбасары Михаил Русий басшылығындағы делегацияның елимизге сапары шеңберинде Халықаралық бирге ислесиў орайында Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Беларусь ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илажда еки елдиң сыртқы экономикалық байланыслар, саўда-санаат инвестиция, банк-финанс, аўыл ҳәм суў хожалығы, азық-аўқат санааты, туризм, фармацевтика, денсаўлықты сақлаў, электро техника сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлери менен мәкемелери, компаниялары менен концернлериниң басшылары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, комиссияның жәрдемши баслығы  Н.Отажонов ҳәм басқалар еки тәреплеме бирге ислесиў көплеген әҳмийетли бағдарларда избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Өз-ара исеним ҳәм түсинисиў тийкарындағы мәмлекетлераралық әмелий сөйлесиў беккемленип, еллеримизди турақлы раўажландырыў ҳәм халықларымыздың абаданлығын арттырыў жолында ҳәрекетлерди бирлестириў имканиятын берип атырғаны атап өтилди.

Еллеримиз арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық қатнасықлардың раўажланыўында Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның орны айрықша. Өзбекстан менен Беларусь арасындағы бирге ислесиўди сапалы жаңа басқышқа көтериў, анық мазмун менен байытыўда оның мәжилислери үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Қоспа комиссияның бул мәжилисинде Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың елимизге күтилип атырған сапарына пуқта таярлық көриў ҳәм көп қырлы шериклик байланысларын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте саўда-экономикалық, туризм, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәжилис жуўмағы бойынша протоколға қол қойылды, 2019-2020-жылларда Өзбекстан Республикасы менен Беларусь Республикасы арасындағы қатнасықларды буннан былай да тереңлестириў илажлар режеси тастыйықланды.

Сондай-ақ, Беларусь делегациясы ағзалары Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводында болып, елимизде ислеп шығарылып атырған санаат өнимлери менен танысты. Мийманларға елимизде аўыл хожалығын модернизациялаў, жаңа технологияларды енгизиў, биргеликте ислеп шығарылып атырған аўыл хожалығы техникасы ҳаққында мағлыўмат берилди. Қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм перспективалы жойбарларды жүзеге шығарыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы бирге ислесиў халықларымыздың жақын мәдений байланыслары ҳәм дослық қатнасықларында да өз көринисин тапқан. Ташкентте уллы Беларусь жазыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткери Якуб Колас архитектуралық естелигиниң орнатылыўы бул пикирди айқын дәлиллейди.

Бул архитектуралық естеликтиң ашылыўына бағышлап өткерилген мәресимге Беларусь делегациясы, елимиздеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң, түрли миллий мәденият орайларының ўәкиллери, шайыр ҳәм жазыўшылар, әдебият таныўшылар, көркем өнер шеберлери қатнасты.

Сол күни мийманлар өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша шөлкемлестирилген бир қатар сөйлесиўлерге қатнасты. Ташкенттиң дыққатқа ылайықлы орынларында болып, елимиздиң бай тарийхы ҳәм мәденияты менен  жақыннан танысты.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы