Россия Федерациясының экономикалық раўажланыў министри Максим Орешкин 24-август күни Өзбекстан Республикасы экономика министри Ботир Хўжаев пенен ушырасты.

Сөйлесиўде саўда-экономикалық, инвестиция, аўыл хожалығы, азық-аўқат, энергетика, нефть-газ сыяқлы тараўларда бирге ислесиў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери ҳаққында сөз болды.

Аймақлар арасында жедел сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм быйылғы жылдың гүзинде Ташкент қаласында болып өтетуғын Өзбекстан ҳәм Россияның биринши аймақлараралық форумын шөлкемлестириў мәселелерине итибар қаратылды.

Өзбекстан менен Россия арасында стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлардың жедел раўажланып атырғаны, онда Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл апрель айында Россияға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер әҳмийетли орын тутып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигинде болып өткен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёевтиң Россияға бул сапары қаржы тараўындағы бирге ислесиў қатнасықларында да жаңа бетти ашқаны атап өтилди.

Ушырасыўда еллеримиздиң министрликлери менен уйымлары арасында қаржы тараўындағы бирге ислесиў, инвестиция, энергетика, аўыл хожалығы, мийнет етиўди шөлкемлестириў сыяқлы бағдарларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Сыртқы саўда министрлигиндеги ушырасыўда Экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Россия ҳүкиметлераралық комиссиясының усы жылы сентябрь айында Москвада болып өтетуғын гезектеги мәжилисине таярлық мәселелери ҳаққында сөз жүргизилди. Сондай-ақ, экспортты қоллап-қуўатлаўға қәнигелестирилген миллий мәкемелер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша усыныслар үйренип шығылды.

Россия делегациясының ағзалары басқа да бир қатар министрликлер менен уйымларда да сөйлесиў өткерди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы