Атың бар төрт буўыннан,

Айтарда тилге аўыр,

Өзиң кирттай-ақ халықсаң,

Дәстүриң пилге аўыр… (И.Ю.)

 

 

«Үрп-әдетлер халықтың бет-жүзи. Оларсыз халық – келбетсиз образ, бийҳуўда ҳәм әмелге аспайтуғын өмирдур. Ең жаман, гегирдегине шекем гүнаға батқан, барлық муқаддес нәрселерди қаралайтуғын  адам да дәстүрлер үстинен ишинен күлсе де, оларға бойсынады». Биз бүгинги күндеги турмысымызда да рустың уллы сыншысы В.Белинскийдиң еки әсир бурын айтқан бул сөзиниң қаншелли ҳақыйқат екенлигиниң гүўасы болып киятырмыз. Демек, дәстүрлер халықтың айнасы екен, бүгинги Қурбан Ҳайт байрамы менен байланыслы халқымызда қандай дәстүр бар еди? Бул дәстүр халқымыздың өзлигин қаншелли көрсетип бере алады? Ең баслысы, бүгинги әўлад бул дәстүрди еситип, мағлыўматқа ийе болыў арқалы өзине қандай жуўмақ шығарады? Биз бул сораўларға Ш.Сейитовтың «Ығбал соқпақлары» романы бетлерин парақлай отырып, онда сүўретленген эпизодларды таллаў арқалы жуўап бериўге ҳәрекет етемиз.

Ш.Сейитовтың бул романында инсаный қәдриятлар, халықтың миллий-мәдений, социаллық-руўхый турмысы, сондай-ақ,  жазыўшының инсан-жәмийет-дәўир туўралы көзқараслары, философиялық ой-жуўмақлары шығарма ўақыяларының қатламларына сиңдирилип, шеберлик пенен сүўретленген. Жазыўшының аса шеберлиги сонда, ол ҳеш бир ўақыяны арнайы баянламайды, ямаса қандай да бир мағлыўматты оқыўшыға сол турысында усынбайды.  Айтылажақ ой-пикирлер, оқыўшының нәзерине илиниўи тийис детальлар ўақыялар ийриминде, қаҳарманлар ис-ҳәрекетинде жанланады. Мәселен, романда бизди қызықтырған мусылманлардың Қурбан Ҳайт байрамы менен байланыслы төмендегидей эпизод берилген болып, онда жазыўшы дәўирлер алмасыўы ўақтындағы қәдриятларға деген көзқараслардың да өзгериў заңлылығын шебер сүўретлеген:

«Ҳайттан соңғы күн еди. Бизлер писент тутпағанымыз бенен бул күнлерди жайлаўымыздың ғарры-қуртаңлары күтә қәдир тутады. Жақсы кийимлерин кийинип, ол фермадағылар бул фермаға, бул фермадағылар ол фермаға барып, сейил етип, әңгиме-гүрриңди қыздырып, гәси атын мақтап, гәси кемпирин мақтап қуўжыңласып қалады. Мен кеткенде дайым: «кемпир, сандықты ашып, таза шапанларымды әпер. Жораларыма барып, жас күнимизди бир есине салып қайтайын. Ал енди «төркиниме барып, қыз күнимди еслеп қайтаман» десең сениң де жолың болсын, Мақсетжанның биринши майы өтип кетти. Оған ҳайттың шатағы жоқ. Ҳайт өзлеримиздики» деп тисиниң кетигин көрсетип күлип қалып еди.

Түс болмай атырып, күнлик шапанларын кийип, атын минип белин буўынып, дайымның изимнен келиўи мени таңландырайын деди.

–Бир қыдыраман деп едим, болмай қалды, балам,– деди басын шайқап. – Жаңа атланайын деп атырғанымда сениң жораларың ҳайтлап келип қалды. Бара ғой» …».  Бул қысқа қатарларда жазыўшы жүдә шеберлик пенен еки әўладтың байрамға деген мүнәсибетин ҳәм олардың руўхый өмирине бул байрамның қатнасын көрсетип берген. Ҳайтмурат ғаррының «Мақсетжанның биринши майы өтип кетти. Ҳайттың оған шатағы жоқ. Ҳайт өзлеримиздики» деген сөзлеринде Кеңес ҳүкимети орнамастан алдыңғы жәмийет ўәкили менен Кеңеслер дәўири жеткиншегиниң түсиник дүньясындағы ҳәм миллий-мәдений қәдриятлары арасындағы алшақлық және қарама-қарсылықлар сәўлеленген. Халқымыздың сүйикли шайыры И.Юсупов өзиниң белгили бир мақаласында: «Совет ҳүкимети дәўиринде халқымыздың мың жыллық тарийхы менен тутасқан, диний, руўхый-мәдений миллий қәдриятларымызды сәўлелендириўши «Наўрыз байрамы», «Қурбан Ҳайт байрамы» сыяқлы нешше әсирлерден бери жасап киятырған байрамлар бийкар етилип, олардың орнына «Пахта байрамы», «Қызыл кәрўан», «Биринши май» сыяқлы идеология менен суўғарылған, «ойлап табылған, жасалма» байрамлар турмысымызға енгизилди. Бул өз нәўбетинде миллий қәдриятлардан бийхабар, өз миллий дәстүрлерин умытқан, жалған дәбдебеге бейим, шаўқымпаз, көкиреги бос әўладтың жүзеге келиўине тийкар болды» деген еди. Ҳақыйқатында да, сөз зергериниң бул пикирлери халықлық көлемде байрамланатуғын миллий байрамлар ерте дәўирлерде қәлиплесип, халықтың санасына сиңген уғым ҳәм түсиниклерди халық ядының түпкиринен суўырып алып, оның қайтадан руўхый жаңарыўында бай көркемлик дәрек болатуғынлығын, усы байрамлардағы орынланатуғын салт-дәстүрлер де халықтың руўхый өмириниң ажыралмас бөлеги екенлигин нәзерде тутып айтылғанлығына гүман жоқ.

Жазыўшы Ш.Сейитов та роман сюжетлерине Мақсеттиң жоралары менен бирге Назлының үйинен ҳайтлық сораў дәстүри эпизодларын енгизиў арқалы, халықлық сананы, халқымыздың өзлигине тән ҳақыйқый ишки руўхый жаратылыс дүньясын, әдеп-икрамлылық, жәмийетлик мүнәсибетлерин көрсететуғын руўхый айнасын оқыўшы көзине тутыўды мақсет еткен деп пикир жүритиўимиз орынлы болады. Буны төмендеги мысаллардан айқын көремиз:

«Дайым күн тәўир-ақ еңкейе бергенде келди. Келиўден «ал, енди барақойың» деп, қалай ҳайтлаўдың жөнин түсиндире баслады. Буны бала күнимде көп көргенликтен еле есимнен шыға қойған жоқ еди… «Қыз жеңгеси бийкешинен сорап аладыдағы, ҳайтлықты соның қәлегенине береди. Былай шығып, жулысып жүрмең. Қызы бар үй турғанда, ҳайтлық қызы жоқ үйден соралмайды, буны ҳәм билип қойың» деген дайымның гәпи қулағымды шыңлатып, үстимниң қоренишлигин есиме салып киятыр. Маған не?! Жолбарыстың терисин жамылып барсам да сол баяғы Мақсет деген шопан екенимди ҳәмме биледи. Бирақ усы ҳайтлаўды шығарған …Сәрсенбай аттың үстинде кишкене айнасына қарап, шашын өрлеп-өрлеп қояды. Бизлерден пасом болып, қыздың ҳайтлығын өзи алғысы келеди ямаан!» …

«Үш атты үш бақанға байладық та отаўға ардаңластық. Тартынып-қысынып, алды менен босағадан мен атладым. Назлы жулқынып ошақ басын сыйырып атыр екендағы, ақ жеңгей әнейдей болып болып, төрдеги қустырнақ текийментлердиң үстине қурақлы көрпешелерди қағып салып атыр екен. Қумар жеңгей … «төрлең», деди биймәлел қоңыр даўысқа салып. Жаңабай төрдеги түрилген керегениң тусына барып малдас қурынды. Бул, енди, отаўда төрдиң қай жапсар болатуғынын билмейтуғынлығын сездирип қойды. Бирақ Сарсенбай сум екен, мың айтсаң да қара үйде өскен баладағы, оң жапсарды алды. Әне қара үйдиң төри усы еди. Мен оның аяқ ушына шөктим. Бул енди аўыл баласы екенлигимди аңлатқаным…

–Келмей-келмей келе қалған екенсизлер, қәйинлерим. Атларыңызды жайғастырып отырасызба? – Я өзим жайғастыра берейин бе? Жылқы деген, көринген жерге аўнай кетеди…

–Ояғынан ғам жемең, жеңге, –деди Сәрсенбай. Ишимизде күйеў бала қусап көпшикке бой тасламай отырған усы. Атларымыз писентли. Аўнаса да аўнайтуғын жерин таўып аўнайды. Сизлерди кешки талабыңыздан қалдырмай-ақ қояйық. Чай-суў ишип турамыз. Мынаў Мақсет, –деп маған бармағын шошайтты да мәккарлық пенен күлди. –Келиңлер, Қумар жеңгейден ҳайтлық алып, ат қашырсамыз деген соң шыға қойып едик. Пәкизе ерлери де алынбай-ақ қойсын, шапқыға тайын турғаны жақсы.

… Сырттағы қазан қостан майдың шыжғырғаны еситилди. Қумардың жеңил-желпи, қуўырдақ-пуўырдақға айланысқаны мәлим болып қалды. Жаңағы гәптиң «отыратуғын болсаңыз үлкен қазанға қарайман» деген тымсал екенин өзим түсиндим, түсинбесе  қойсын, Сәрсенбай менен не жумысым бар!» (70).

«… Мынаңқараң қәйинлерим, … қызлы үйге ҳайтшы келсе, салмағы жеңгесине түсе береди. –Мен ҳәзир мынаў орамалды анаў бақанға қыстыраман. Сизлер де арылаў турың. Ат үстинен қай шаққаныңыз келиң де илип кете бериң. Бизиң қызымыз да пәкизе: «Тоқсан аттан озып келсең, Байшубар, Төрт туяғың ақ сийнеме басылсын» деп тилегиңизди тилеп, үйде қала берсин,–дедидағы түңлик ашатуғын бақанын алып, нешше шереклик екенин билмеймен, бир қызыл мәтирини ушына қыстырды» (72). Бунда жазыўшы халықтың ҳәр бир социаллық қатламына тийисли ўәкиллер арасындағы қарым-қатнасларды: мийман ҳәм үй ийеси, жеңге ҳәм бийкеш және жеңге ҳәм қәйинлер арасындағы сөйлесиўлер арқалы, олар арасындағы ҳүрмет-иззет, сыйласық, оннан ары тереңге бойласақ, халқымыздың дипломатиялық-сиясий саўатын көрсетпекши.   Ол әҳмийетке ийе этнографиялық мағлыўматты, «Қара үйдиң төри оң жақта болады» деген қурғақ сөз бенен емес, қаҳарманлардың ис-ҳәрекети менен тәбийий ҳалатта жеткереди. Нәтийжеде, усыған уқсас басқа да түрли мағлыўмат оқыўшының қәлбине, санасына өз-өзинен мөрленеди. Буның менен жазыўшы өз оқыўшысына тек руўхый билим емес, дүньялық билим бериўге ериседи.  Сол мақсетте «Жаңабайдың төрдеги түрилген керегениң тусына барып малдас қурынып, буның менен оның отаўда төрдиң қай жапсар болатуғынын билмейтуғынлығын сездирип қойғанлығына көбирек мәни жүклейди. Сонлықтан да бул жерде жазыўшының фокусы тек Жаңабайдың ақыл-пәм дәрежесин сөз етиўге емес, оның қалалы жерде өскенлигине, аўыл ҳәм қала арасындағы парықты, еки социаллық орталықтан, аўыл ҳәм қалада өскен  жигитлер арасындағы, олардың қәдриятларындағы, ой-өрисиндеги айырмашылықты  оқыўшыға туйдырыўға да хызмет етеди.

Және де қыз жеңгеси жигитлерге: – «Атларыңызды жайғастырайын ба?» деп мүрәжат етеди. Усы диалогта да халқымыздың  қонақты күтип алыў мәденияты, мийманға сый көрсетиў тәртиби, сөйлесиў әдеби, улыўма халықтың этикасы бой көрсетип тур. Ал, бойжеткен қызы бар үйден жигитлердиң ҳайтлық сораўы да, қыздың өз жеңгеси арқалы өзиниң кеўли бар жигитке ҳайтлықты бергизиўи де, халық санасындағы қызлар ҳәм жигитлердиң әдеп-икрамы, тәртип-интизамы шегарасын аңлатыў менен бирге,  халықтың мәнәўий-руўхый дәрежесин көрсетип береди.

Әлбетте, бул дәстүр ҳәзирги күн жаслары ушын пүткиллей жат, халқымыздың дерлик умытылған дәстүрлериниң бири есапланады. Деген менен, той-тамашаларда өзлери дурыслы түсинбейтуғын шет ел намаларына жулқынып ойнап жүрген, социаллық тармақлардағы түрли роликлерден көргенлерин бүгинги күнде дәстүр деп қабыл етип, турмысқа ендирип атырған жасларға халқымызда бүгин мусылман әлеминиң уллы мубарек Қурбан Ҳайт күни менен  байланыслы усындай да дәстүрдиң бар екенлигин еслетип қойыў, әлбетте, бизлердиң парызымыз.

Ғәрезсизлигимиз шарапаты менен қайта тикленген  бәрше мусылманлар дүньясы бойлап тойланатуғын бул уллы  байрам жоғалып баратырған қәдриятларымызды тиклеўши, миллий мәдениятты оятыўшы ҳәм жаратыўшы дәрек ҳәм материал ретинде келешек турмысымызға елеберин қайта енип, халқымыздың руўхый дүньясын жаңартыўға хызмет етеди үмит артып қаламыз!

 

Гүлбаҳар Бегмуратова,

Әдебиятшы.