Муғаллимлерден педагогикалық жүклемелер бойынша есап ҳәм қосымша мағлыўматларды талап етиў қадаған етилди. Бул ҳаққында Gazeta.uz сайты хабар бермекте.

 

Улыўма орта билим бериў мәкемелериниң педагогикалық қәнигеликлери бойынша жыллық үлги жобасын қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы инструкция Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимге алынды.

 

Оған бола, улыўма орта билим бериў мәкемесиниң педагог хызметкерлери ушын бир ставка муғдарындағы жумыс жүклемеси төмендегише белгиленди:

 

1-4-класларда – ҳәптесине 18 саат;

5-11-класларда – ҳәптесине 20 саат.

 

Ис жобасы еки бағдардағы илажлар комплексинен ибарат:

– оқыў-тәрбия процесине байланыслы;

– оқыў-тәрбия процесиниң методологиялық тәмийинлениўи ҳәм шөлкемлестириў-педагогикалық процеске байланыслы.

 

Инструкцияда көрсетип өтилгениндей, оқыў-тәрбия процесиниң методикалық тәмийинлениўи ҳәм шөлкемлестириў-педагогикалық процеске байланыслы жыллық ис жобада белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы бойынша педагог хызметкерлерден есап талап етилмейди.

Сондай-ақ, улыўма орта билим бериў мектеби муғаллимлериниң сабақ ҳәм дөгерек шынығыўларын шөлкемлестириў және класс журналын жүргизиўден тысқары басқа педагогикалық жүклемелер бойынша есаплар ҳәм қосымша мағлыўматларды талап етиў қатаң түрде қадаған етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги