Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 23-декабрьдеги қарары менен тастыйықланған «Инвестициялық бағдарлама»ға муўапық, мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан 2017-2018-жылларда Хожели «Мүриўбет» майыплар ушын ҳаяллар интернат үйин қурыўға 8 миллиард сумлық қаржы ажыратыў режелестирилип, Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 6-январьдағы мәжилисинде, усы «Мүриўбет» интернат үйи имаратының қурылысы ушын ажыратылған жерде орайласқан ақаба суў тармақлары жоқ екенлиги себепли объектти қурыў орнын Нөкис қаласына көшириў  белгиленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2017-жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында  Хожели  ҳаяллар «Мүриўбет» үйине барып, бул жерде мәмлекетлик тәмийинлениўге алынған ақылый-руўхый жақтан майыплығы бар ҳаялларға жаратылған шараятлардың талап дәрежесинде емеслигин, «Мүриўбет үйи»ниң оңлаўға мүтәж екенлигин атап өтип, усы мүриўбет үйиниң қурылысы бойынша жаңа тапсырмалар берген еди.

Бул бойынша жумыслар өз ўақтында басланып, жақында Нөкис қаласынан ажыратылған 3,1 гектарлық жерде 250 орынға мөлшерленген «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйиниң жаңа имараты қурып питкерилди.

Усы жыл 25-август күни усы «Мүриўбет» майыплар ушын ҳаяллар  интернат үйиниң пайдаланыўға тапсырылыў мәресими болып өтти.

Оған пайтахтымыздағы кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашып берди ҳәм жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Илажда шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, «Мүриўбет» үйи Өзбекстан Республикасында жасайтуғын, рухыятында сезилерли ямаса анық нуқсанлары бар болған, 18 жастан баслап 8 ҳәм 88 топар майыплығы болған ҳаяллар ушын мәмлекетлик медициналық-социаллық мәкеме болып есапланады.

Бүгинги күнде усы мәкемеде 140 тан аслам қәнигелер жумыс ислемекте. Усы мәкемениң қурылыс жумыслары ушын жәми 14 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалған. Оған мебель, кровать, шкаф ҳәм басқа да керекли буйымлар алыў ушын 1 миллиард 679 миллион, медициналық әсбап-үскенелер менен үскенелеў ушын 142 миллион, мәкеме аймағында соқпақ жолларды ҳәм дем алыў орынларын қурыў ушын 338 миллион, оның әтирапын көклемзарластырыў, суўғарыў системасын жаратыў ушын 521 миллион сум әтирапындағы қаржы жумсалған.

Бул имараттың тапсырылыўы, әлбетте, елимиз басшыларының халқымызға, әсиресе, кем кеўил инсанларға, ҳәр қыйлы себеплер менен наўқасланып, қыйыншылық көрип атырған пуқараларға болған үлкен итибарының нәтийжеси болып есапланады. Бизиң елимизде ҳеш ким мәмлекет итибарынан шетте емес екенлигин аңлатады.

Илажда  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов усы мәкемеге байрам саўғасы ретинде Президент саўғасы – «ИСУЗУ» автобусының гилтин тапсырды,

Соң, илаж қатнасыўшылары бул жерде емленип атырған пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм оларға байрам саўғаларын тапсырды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).