Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухаммедовтың мирәт етиўине бола 24-август күни Түркменбашы қаласында болып, Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

Президентимиз дәслеп «Аваза» туристлик зонасында Түркменстан Президенти менен ушырасты.

Бүгинги күнде Өзбекстан-Түркменстан қатнасықлары жоқары пәт пенен раўажланбақта. Онда, бәринен бурын, еки мәмлекет басшыларының шын жүректен дослығы, өз-ара исеними ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаўы үлкен әҳмийетке ийе.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың турақлылыққа ийе болыўы мәмлекетлераралық  қатнасықлардың жоқары дәрежеде екенинен дәрек береди. Соның ишинде, Түркменстан басшысының быйыл апрель айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы бирге ислесиўге жаңаша пәт бағышлады.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан басшыларының бул гезектеги ушырасыўы өз-ара пайдалы, нәтийжели ҳәм жедел сөйлесиўлердиң логикалық даўамы болды.

Шавкат Мирзиёев Түркменстанның  Аралды қутқарыў халықаралық қорына басшылығы дәўириндеги басламаларын жоқары баҳалап, еллеримиздиң бул бағдардағы жойбарлары ҳәм ис-ҳәрекетлери бир-бирин толықтыратуғынын атап өтти.

Гурбангули Бердимухаммедов мәмлекетимиз басшысын Түркменстанға сапары менен қутлықлап, Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының саммити де еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди додалаў ушын қолайлы имканият екенин атап өтти.

Ушырасыўда еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Бурын ерисилген келисимлердиң орынланыўына итибар қаратылды. Тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилиси Президентлердиң тар шеңбердеги ушырасыўы менен басланды. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон қатнасты.

Мәжилисте қордың жумысын жетилистириў, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў, суў ресурсларын муўапықластырған ҳалда басқарыў, бул бағдарда Орайлық Азия еллериниң бирге ислесиўин беккемлеў мәселелери додаланды.

Аралды қутқарыў халықаралық қоры 1993-жылы Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан басшыларының басламасы менен Арал теңизи бассейнинде экологиялық кризис ақыбетлерин сапластырыў ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў мақсетинде дүзилген. Шөлкемлестириўши мәмлекетлер оған үш жыл мүддетке басшылық етеди. Басшылық ететуғын елдиң басшысы Аралды қутқарыў халықаралық қорының Президенти етип сайланады. 2017-жылдан берли қорға Түркменстан басшылық етпекте.

Бул саммит қордың 2009-жылғы мәжилисинен соң дерлик он жылдан соң өткерилип атырғаны менен әҳмийетли екенин атап өтиў зәрүр.

Арал кризиси заманымыздың ең ири экологиялық апатшылығы болып табылады. Теңиз ултанынан көтерилип атырған шаң жылына 80 миллион тоннаға шамалас дуз ҳәм зыянлы химиялық затларды Шығыс Европадан Гималай таўларына шекем болған үлкен аймаққа жайып атырғаны машқаланың глобал түс алғанынан дәрек береди.

Сол көзқарастан усы саммит жетекши қаржы мәкемелери, халықаралық шөлкемлер, сырт елдиң донорлық компаниялары, сондай-ақ, бизнес жәмийетшилигиниң итибарын Аралбойындағы экологиялық жағдайға тартыўда оғада әҳмийетли.

Өткен дәўирде қор шеңберинде региондағы қурамалы суў-энергетика мәселелерин шешиў, суў ресурсларын биргеликте басқарыў, пайдаланыў ҳәм қорғаўда бирге ислесиў бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Аралбойы регионында экологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша кең көлемли жойбарларды әмелге асырды. 350 мың гектар майданға сексеўил ҳәм дузға шыдамлы өсимликлер егилип, тоғайлық пайда етилди.

Арал теңизиниң кризиси ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша 2013-2017-жылларға мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасы шеңберинде 500 ден аслам жойбар әмелге асырылды. Олардың ярымынан көби миллий жойбарлар болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қабыл етилген 2018-2021-жыллары Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама бул жерде социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етпекте.

Өзбекстан Арал апатшалығына халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын да қаратып келмекте. Президентимиз Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында дүнья жәмийетшилигин усы экологиялық кризис ақыбетлерин сапластырыў ҳәм оннан жәбир шегип атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша халықаралық көлемдеги ис-ҳәрекетлерди бирлестириўге шақырды.

Өзбекстан БМШтың Орайлық Азия ушын превентивлик дипломатия бойынша регионаллық орайы тәрепинен ислеп шығылған Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суў ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы конвенцияны қоллап-қуўатлады. Апатшылықтың пүткил планетаға байланыслылығы инабатқа алынып, Өзбекстанның басламасы менен БМШ қәўендер Арал теңизи ҳәм Аралбойы аймағы бойынша арнаўлы Траст қоры дүзилди.

Быйыл 7-8-июнь күнлери Ташкентте «Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша бирге ислесиўдеги ҳәрекетлер: жаңаша көзқараслар, инновациялық шешимлер ҳәм инвестициялар» атамасында халықаралық конференция, оның шеңберинде Орайлық Азия экологиялық форумы болып өтти.

Туркманбошидағы ушырасыўда Арал кризисиниң ақыбетлерин жумсартыў, аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша Орайлық Азия еллериниң бирге ислесиўин жеделлестириў, Аралбойы аймағы ушын экологиялық таза технологияларды ислеп шығыўға ҳәм енгизиўге сырт ел инвестицияларын биргеликте тартыў мәселелери додаланды.

Кеңейтилген қурамдағы мәжилисте Өзбекстан, Түркменстан, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан делегацияларының ағзалары, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы мәкемелериниң ўәкиллери, экология ҳәм суў мәселелери бойынша қәнигелер қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан басшылығындағы структураның жумысын жетилистириў ҳәм раўажландырыў, оның халықаралық көлемдеги абырайын арттырыў бойынша үлкен жумыслардың исленип атырғанын атап өтти.

Дерлик он жыллық тәнепистен соң өтип атырған Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының бүгинги тарийхый мәжилиси шөлкем жумысында жаңа бет ашып, Орайлық Азияда регионаллық шерикликке үлкен пәт бағышлайды. Биз бул бағдардағы өз-ара бирге ислесиўге таяр екенимизди және бир мәрте тастыйықлаймыз, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысын жетилистириў, аймаққа инновациялық шешимлерди енгизиў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў, «жасыл экономика»ны раўажландырыў, илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша әҳмийетли усынысларды алға қойды.

Мәжилисте Орайлық Азияда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў мәселесине тиккелей байланыслы екени, бул бағдардағы ақыллылық пенен қабыл етилип атырған қарарлар ҳәм тығыз бирге ислесиў регион еллериниң абаданлығына хызмет ететуқыны атап өтилди. Бул мәселени шешиўде региондағы барлық еллердиң мәплерин есапқа алыў зәрүрлиги, бундай көзқарастан басқа шешимниң жоқ екенлиги айрықша атап өтилди.

Мәжилистиң жуўмағы бойынша мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўи қабыл етилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда бул саммит өз әҳмийетине бола тек қордың жумысында емес, ал Орайлық Азия еллериниң экология ҳәм суўдан пайдаланыў бағдарындағы бирге ислесиўин раўажландырыўда жаңа басқышты баслағаны, алға қойылған усыныслар ҳәм басламалар регион халықларының абаданлығын арттырыўға, көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеуғынлығы атап өтилди.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы.

Ташкент-Туркманбоши-Ташкент