Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының Makan.uz’ға берген мағлыўматына қарағанда, сынаў тәризинде Нөкис қаласы жолларында ҳаял жол-патруль инспекторы жумыс алып бармақта.
– Ҳәзирги ўақытта тәжирийбели жол-патруль инспекторлары менен биргеликте жумыс алып бармақтаман, – дейди жол-патруль инспекторы Юлдуз Матякупова. – Ишки ислер тараўында ислеп атырғаныма үш жылдан аслам ўақыт болды. Жолда инспекторлық етиўдиң өз алдына машақаты бар. Шофёрлардың биринши тәсири, әлбетте, ҳайран қалыўшылық болып атыр. Айрым шофёрлар жаңалық пенен қутлықлап атыр. Бирақ, жумыс – бул жумыс. Оны белгиленген тәртипте алып бармақтаман. Сырттан қарағанда аңсат жумыстай болып көрингени менен күн даўамында ҳәр кыйлы инсанлар менен сәўбетте болыўға туўра келеди. Илажи барынша әлпайымлылық пенен ҳәр қыйлы қағыйда бузыўшылықтың алдын алып, оларды болдырмаў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын алып бармақтамыз, – дейди Юлдуз.
Берилген мағлыўматқа қарағанда, жолларда ҳаял-қыз жол-патруль инспекторлары көбейеди.